Оған бола, усы жылы жаз қурғақ ҳәм бираз ыссы ҳаўа-райы менен басланады. 1-7-июнь күнлери республика бойынша тийкарынан жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы бақланады. Ҳаўа температурасы әсте-ақырын +35-38 дәрежеге шекем, арқада, қублада ҳәм шөл аймақларында +40 дәрежеге шекем көтериледи.
Кейин ала айдың ақырына шекем температура +33- +38 дәрежеден +25- +30 дәрежеге шекем өзгерип турыўы күтилмекте. Республиканың арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында ең ыссы күнлерде температура +39- +41 дәрежеге шекем болады.
Биринши он күнликтиң ақырында, екинши ҳәм үшинши он күнликлерде айырым күнлери қысқа мүддетли жаўын жаўыў итималы бар.
Атап өтилиўинше, быйыл ыссы күнлер апрель айында да бақланғаны себепли, "Усы жылдың жаз мәўсими қандай болады?" деген сораў көпшиликти қызықтырып келмекте. Өзгидромет бул сораўға жуўап бериў оғада қыйын екенлигин билдирди.
Планетамызда жүз берип атырған глобал ысыў ҳақыйқатында да жаздың оғада ыссы болыў қәўпин арттыратуғын факторлардан бири болып есапланады. Соның менен бирге, глобал ысыў жыллараралық жоқары өзгериўшеңлик фонында жүз бермекте. Бул ҳәр кейинги жаз мәўсими алдынғысына қарағанда жыллырақ болады дегени емес, - делинеди хабарда.
Буннан тысқары, океанлардан узатылатуғын ыссылық та ҳаўа температурасының көтерилиўине себеп болады. Бирақ, бул жыллылық пүткил дүнья бойлап қалай бөлистирилетуғынын айтып болмайды.
Өзбекстанда жаз тийкарынан қурғақ ҳәм ыссы болады - бул бизиң Орта Азия климатымыздың өзине тән өзгешеликлериниң бири. Буннан тысқары, соңғы 50 жыл ишинде жаз мәўсимлеринде орташа температураның көтерилиўиниң турақлы тенденциясы бақланып келмекте, - делинеди хабарда.
"Ўзгидромет"тиң дүнья прогнозлаў орайларының есап-санақларына тийкарланған дәслепки баҳалаўына бола, быйылғы жаз мәўсиминиң орташа температурасы нормадан бираз жоқары болыўы күтилмекте.
Мәлим етилиўинше, жаз мәўсими даўамында экстремал мәнислерге жақын болған ҳаўа температурасы менен оғада ыссы ҳаўа-райы дәўирлери де белгиленеди. Бирақ жаз ушын салыстырмалы қолайлы температура фонында ыссылықтың төменлеў дәўирлери де бақланады.









