Усы күнлери социаллық тармақларда "енди шығындыдан қарызы бар шаңарақлар электр тармақларынан үзиледи" деген мазмундағы хабарлар тарқалып, кең додалаўларға себеп болмақта. Бул усы жылдың 1-августынан баслап мәмлекетимизде күшке кирген жаңа тәртип - шығынды хызметлеринен қарыздарлығы бар халықтың электр энергиясы ушын төлемлерине ўақтынша шеклеў қойылыўы менен байланыслы.
Яғный шығынды ушын төлемлер тиккелей электр энергиясы төлемлери менен байланысып атыр. Бундай тәжирийбе елимиз әмелиятында жаңалық болғаны себепли, халық арасында түсинбеўшилик ҳәм наразылықты келтирип шығармақта. Гәп тек ғана төлемлерден қашыў ямаса шығынды хызметлери әҳмийетли есапланбай атырғанында емес, тек ғана жаңа тәртип қалай ислейтуғыны, кимлерге әмел етиўи, қандай абзаллықларға ийе екени ҳаққында көпшилигимиз еле түсиникке ийе емеспиз. Сол себепли, халық арасында буны жазалаўшы илаж сыпатында баҳалап, мақсет тек ғана шығынды төлемлеринен қарыздарлықты сапластырыўға қаратылған, деп есаплайтуғынлар да бар.
- Жаңа тәртип халық ушын жазалаўшы илаж емес, керисинше, пуқараларға көрсетилетуғын санитариялық тазалаў хызметлериниң сапасын арттырыўға қаратылған, - дейди Экология министрлиги жанындағы Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлигиниң бас қәнигеси Умиджон Камолов. - Мәселен, шығынды тасыў хызмети бағдарында усы ўақытқа шекем ескише системада исленген. Арнаўлы машиналар мәҳәллелердеги шығындыларды алып шықса да ямаса хызмет көрсетилмесе де халықтың жан басына төлем есаплана берген. Соның ушын көп адамлар көрсетилмеген хызмет ушын төлеўден наразы болатуғын еди. Енди бул тәртип өзгерип, төлем тек ғана хызмет көрсетиў санына қарап әмелге асырылады. Буның ушын шығынды тасыў техника қуралларына GPS бақлаў системасы орнатылып, "Таза мәкан" бағдарламасы арқалы турақлы қадағалап барылады. Халықтың төлем тәртибине өзгерис киргизилип, электр тәмийнаты менен интеграцияланып атырғаны да жаңаланған механизмниң бир бөлеги. Мақсет бул бағдарда төлемди де, хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм санын арттырыўға қаратылған.
Кимлерге әмел етеди?
Қәнигениң түсиндириўинше, тәртипке бола, халықтың шығындыдан қарызы бар болғанда электр тармағынан үзилмейди, ал ток ушын төлемлерге шеклеў орнатылады. Бирақ шеклеў орнатыўдан алдын қарыздарлар тийисли тәртипте ескертиледи. Онда ҳәр айдың 3-сәнесине шекем Шығындыларды басқарыў агентлигиниң "Таза мәкан" биллинг электрон системасында қарыздар абонентлер ҳаққында қәлиплестирилген мағлыўматлар "Аймақлық электр тармақлары" АЖның биллинг системасына жибериледи. Мине усы дизим тийкарында абонентлерге ҳәр айдың 5-сәнесине шекем "Аймақлық электр тармақлары" АЖның 2100 қысқа номери арқалы қарыздарлығы бойынша SМS хабарнама жибериледи. Буннан кейин абонентке қарыздарлықты сапластырыў ушын 5 күн қосымша мүддет бериледи.
Усы мүддет ишинде қарыздарлық сапластырылмаса, абоненттиң электр энергиясы ушын төлеў имканияты ўақтынша шекленеди. Төлем әмелге асырылып, қарыздарлық сапластырылғаннан кейин болса шеклеў автомат тәризде алып тасланады. Мәлим етилиўинше, жаңа тәртип тек ғана усы жылдың 1-июльинен баслап шығынды төлемлери бойынша жүзеге келген қарыздарлықларға қолланылады. Бул дәўирге шекемги қарыздарлықлар ушын болса қолланылмайды. Яғный усы жылдың 30-июньине шекемги қарыздарлықлар бурынғыдай тийисли тәртипте суд арқалы өндириледи.
Бүгинги күнде мәмлекетимиз бойлап 8 289 ға шамалас мәҳәлледеги 7 миллионнан аслам халыққа шығынды тасыў хызмети көрсетиледи. Елимизде 1-августтан күшке кирген жаңа тәртип усы абонентлердиң ҳәммесине қолланылмайды. Яғный шығынды хызметлеринен қарызы бар абонентлерге электр энергиясы ушын төлемлерди шеклеў тәртиби тек ғана "Таза мәкан" бирден-бир электрон биллинг системасында идентификациядан өткерилген ҳәм арнаўлы техника қураллары GPS үскенелери менен тәмийинленген ҳалда төлемлерди есаплаў жолға қойылған аймақларда ғана әмел етеди.
- Биринши басқышта елимиздеги 1 мың 500 ден аслам мәҳәлле GPS бақлаў системасы менен интеграцияланып, жөнелис графиклери белгиленди, - дейди Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлигиниң бас қәнигеси Жамшид Жалилов. - Жаңа тәртип әне усы мәҳәллелердеги 230 мыңнан аслам абонентке қолланылады. Электрон бақлаў системасы орнатылған шығынды тасыў машиналары мәҳәллеге неше мәрте киргени, хызмет көрсетиў саны ҳәм басқа да барлық мағлыўматлар онлайн бақлап барылады. Усы тийкарда төлем графиги қәлиплестирилип, ашық-айдын есап-санақ етиледи ҳәм абонентлердиң төлем суммасы шығарылады.
Ҳәзирги күнде елимизде турмыслық шығындылар менен байланыслы хызметлерди көрсетиў бойынша 64 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик келисимине тийкарланып 50 санитариялық тазалаў кәрханасы жумыс алып бармақта. Оларға тийисли техниканың онлайн бақлаў системасына жалғанғанлық дәрежеси 87 процентти қурайды. GPS қурылмасы машинаның ҳәрекети, тезлиги, ўақты, тоқтаўлар саны сыяқлы мағлыўматларды онлайн бақлап барыў имканиятын береди. Заманагөй механизмниң бул абзаллықлары санитариялық тазалаў хызметиниң сапасын, машиналардың қатнаў санын арттырыўға хызмет етпекте.
Ўәкиллик пе ямаса жуўапкершилик пе?!
Демек, елимизде шығынды тасыў хызметлерин заманагөйлестирип, сапасын арттырыў менен бирге төлем системалары да жаңаша тәртипке өткерилмекте. Бул бағдарда төлемлердиң турақлылығын тәмийинлеў, қарыздарлықты сапластырыў да мақсет етилген. Себеби, елимиз халқының көпшилиги шығынды хызметлери ушын төлем мәселесине бийпәрўа қарайды. Бул хызмет коммуналлық төлемлер арасында ең арзаны болыўына қарамастан, көбинесе бийзар болатуғыны да сыр емес. Мәҳәлле аймағын шығындылардан тазалаўдың бизге байланысы жоқ сыяқлы көринеди. Басқа тәрептен, өзимиз жасайтуғын орынның бәрқулла таза, тәртип-қағыйдалы болып турыўын қәлеп, буны жуўапкерлерден талап етиўди жақсы меңгеремиз.
Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде елимиз бойлап шығынды хызметлери ушын халықтың 600 миллиард сумнан аслам қарыздарлығы бар. Усы сыяқлы машқалалар да төлем системасында жаңа ҳәм заманагөй тәртипти енгизиў зәрүрлигин пайда еткен еди. Бул тәртиптиң жолға қойылыўы арқалы халыққа көрсетилип атырған шығынды хызметлериниң сапасын, қамтып алыў дәрежесин арттырыў, шетки аймақларға шекем санитариялық тазалаў хызмети менен қамтып алыў мақсетлери жатыр.
Бул түсиникли. Бирақ шығынды төлемлери не ушын электр энергиясы менен байланыстырылып атырғаны да көпшиликти қызықтырмақта.
- Жаңа тәртипти енгизиўден алдын сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилди, - дейди Шығындыларды басқарыў агентлигиниң бас қәнигеси Умиджон Камолов. - Көп мәмлекетлерде шығынды хызметлеринде анық өлшем бирлиги жоқлығы себепли төлемлер пуқаралар санына қарата есапланады. Бирақ айырым мәмлекетлерде басқаша система әмел етеди. Яғный шығынды төлемлери жер салығына, айырымларында болса суў ямаса тәбийғый газ төлемлерине байланысқан. Үйрениўлерден соң Өзбекстан ушын ең мақул шешим сыпатында электр энергиясына интеграциялаў тәртиби таңланды. Себеби, елимиздиң 96 проценттен аслам аймағы электр энергиясы менен қамтып алынған болып, бул басқа коммуналлық хызметлер арасында ең жоқары көрсеткиш есапланады.
Солай етип, енди шығындыдан қарызы бар абонентлердиң электр энергиясы ушын төлемлерине шеклеў қойыў тәртиби әмел етеди. Заманагөй системаның ислеўи санлы технологияларға тийкарланғаны да хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған. GPS қурылмалары санитариялық тазалаў кәрханалары тәрепинен орнатылмақта.
Бундай кәрханалардың хызмет көрсетиў сапасын арттырыў ҳәзир, жүдә әҳмийетли. Себеби экологиялық қәўипсизлик ҳаққында сөз болғанда, тиккелей аймақларды шығындылардан тазалаў машқаласы ортаға шығады. Бул бағдарда өзбасымшалықлар бола бермеўи ушын да санитариялық кәрханалардың жумысын тәртипке салыў, жумыс сапасын арттырыў, онлайн қадағалаў системасын жолға қойыў зәрүрлиги жүзеге келген еди.
Усы мақсетте Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлигиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан ҳәр жылы санитариялық кәрханалардың материаллық-техникалық базасы беккемленип барылмақта. Тек ғана усы жылдың биринши шерегинде елимиз бойлап усындай кәрханаларға 55 тен аслам заманагөй техника жеңиллетилген лизинг шәртлери тийкарында тарқатып берилди.
Айырым аймақларда болса шығынды тасыўшы мини техника тапсырылмақта. Мәселен, Самарқанд қаласында тәжирийбе сыпатында киши көлемдеги 30 электр мотороллер хызмети жолға қойылды. Енди мәҳәллелерге 12, 18 кубометрли шығынды тасыўшы машиналар емес, 2-3 тонна жүк тасыўға мөлшерленген электр мотороллер киргизилмекте. Олар ҳәр күни белгиленген мәҳәлледен шығындыларды жыйнап алып, қайта жүклеў пунктине төгиўи, ол жерден полигонға алып кетиўи тәжирийбеси жолға қойылды. Бул Самарқанд тәжирийбеси мәмлекетимиз басшысына таныстырылған болып, ҳәзирги ўақытта басқа аймақларда да енгизиў ҳәрекети басланған. Дәслеп ўәлаят қалаларында жолға қойылыўы режелестирилген.
Демек, усы жыл 1-августтан күшке кирген жаңа тәртип санитариялық тазалаў кәрханалары мойнындағы жуўапкершиликти және де арттырады. Олар тек ғана жумыс сапасы емес, ал шығынды төлемлерин есаплаўда анықлық ҳәм ҳақыйқатлық ушын жуўапкер есапланады. Усы жылдан баслап болса бундай кәрханалардың жумысын баҳалаў арқалы қызыл, сары ҳәм жасыл категорияларға ажыратыў әмелияты жолға қойылды. Жуўапкерлердиң айтыўынша, жақын күнлерде категорияларға ажыратыў бойынша ярым жыллық нәтийжелер жәрияланады.
Бул әпиўайы дизим болмайды. Елимизде қәлиплескен әмелиятқа бола, категориялардың ҳәр бири өз ўазыйпасына ийе. Яғный жасыл категориядағыларға айырым жеңилликлер берилсе, қызыл категорияға түскен кәрханалардан бириктирилген аймағы алып қойылыўы мүмкин. Бул аймақ қайтадан тендерге шығарылады ҳәм басқа санитариялық тазалаў кәрханасында оны жеңип алыў имканияты пайда болады.
Халыққа қолайлығы сонда, енди адамлар көрсетилмеген шығынды хызметлери ушын төлем төлемейди. Жаңа тәртип жолға қойылған мәҳәллелердеги шығынды тасыўшы машиналардың хызмет көрсетиў саны, тәртиби ҳәм усы бағдардағы басқа да барлық мағлыўматларды халық "Таза мәкан" бирден-бир электрон биллинг системасы арқалы бақлаў имканиятына ийе. Онлайн платформадан тек ғана белгиленген аймақлар халқы емес, ал барлық абонентлер пайдаланыўы мүмкин. Заманагөй биллинг системасы бир қанша мәмлекетлик уйымлар менен интеграцияланған болып, пуқаралар ONE ID системасы ҳәм жеке есап бети арқалы арнаўлы қосымшаға кирип, биллинг системасынан өзине тийисли мағлыўматларды көриўи мүмкин.
Айтпақшы, ҳәзирги күнде 1500 ден аслам мәҳәлле бойынша енгизилген жаңа тәртип - шығындыдан қарыздарлығы бар абонентлер ушын электр энергиясына төлемлерди шеклеў әмелияты жылдың ақырына шекем басқышпа-басқыш елимиздиң барлық аймақларын қамтып алыўы режелестирилген.
Ирода ТАШМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы









