Қубла Корея Өзбекстан статистика системасына 3,8 млн доллар ажыратты

    20 мамыр 2025 1346

    Өзбекстан Республикасы Миллий статистика комитети ҳәм Корея Республикасының "Statistics Korea" шөлкеми арасында 2025-2028-жылларға мөлшерленген "Статистика потенциалын арттырыў" жойбары шеңберинде әҳмийетли бирге ислесиў басланды.

    Атап өтилиўинше, Корея ҳүкиметиниң раўажланыўға рәсмий жәрдем бағдарламасы (ODA) шеңберинде 3,8 миллион АҚШ доллары муғдарындағы грант тийкарында қаржыландырылатуғын бул жойбар мәмлекетимизде статистика системасын модернизациялаў, санлы технологиялар ҳәм халықаралық тәжирийбелерди енгизиўге қаратылған.

    Додалаўларда кадрлардың маманлығын арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда Миллий статистика комитети хызметкерлери ушын Корея ҳәм Өзбекстанда оқыў курслары, кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм статистикалық изертлеўлер институтында компьютер ҳәм аудио қурылмалар менен үскенеленген заманагөй оқыў ханалары шөлкемлестириледи.

    Сондай-ақ, ҳәкимшилик мағлыўматлар базаларын басқарыў системасы жаратылып, мәмлекетлик уйымлар арасында мағлыўматлар интеграциясы тәмийинленеди ҳәм статистикалық таллаўлар автоматластырылған, исенимли платформаларда әмелге асырылады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates