Бул миссия елимиздиң илим ҳәм инженерлик тараўындағы имканиятын көрсетиў менен бирге, ҳәммеде мақтаныш сезимин оятты.

Бул жойбар жаслардың инновациялық ой-пикирин кеңейтиўи ҳәм келешекте глобал майданда бәсекилесе алатуғын қәниге сыпатында қәлиплесиўине жәрдем бериўи менен әҳмийетли. Қалаберди, нәўқыран әўлад ўәкиллериниң илимий излениў ҳәм инженерлик жумысына болған қызығыўшылығын және де күшейтип, мәмлекетимизде жаңа әўлад инженерлерин жетистириўде беккем тийкар болып хызмет етеди.

- Бул процесс тек ғана жаслардың илимий-техникалық потенциалын көрсетип қоймастан, ал олардың излениўшеңлиги, жәмәәтлик аўызбиршилиги ҳәм жаңалық жаратыўға болған умтылысын да айқын көрсетти, - деди жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов. - Рекорд орнатыў үлкен байрам кейпиятында өтти ҳәм Өзбекстан жаслары ушын технология ҳәм инновациялар тараўында жаңа шеклерге жол ашты.

Миссияны әмелге асырыўдан алдын қатнасыўшылар мәмлекетлик гимнди жанлы түрде атқарды. Бул мәўрит жаслардың кеўлинде мақтаныш ҳәм ўатанға садықлық сезимин және де күшейтти.

- Гиннестиң рекордын жаңалаў процесинде тиккелей қатнасыў кеўлиме шексиз мақтаныш бағышлады, - деди Бухара мәмлекетлик техника университетиниң студенти Акрам Файзуллаев. - Биз еристик - Өзбекстан инженерлик ҳәм робототехника бағдарында Гиннестиң рекордын жаңалады! Бул процессте университетимиздиң студентлери де белсене қатнасып, өз илимий-техникалық потенциалын көрсетти. Бизиң қатнасыўымыз тек ғана ўәлаятымыздың абырайын емес, ал елимиз жасларының күш-ғайратын дүньяға көрсетти. Бул табыс, әлбетте, елимизде жасларға көрсетилип атырған итибар ҳәм имканиятлардың жемиси болып есапланады. Ҳәр бир студентке жаратылып атырған шараят, қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўдиң нәтийжеси сыпатында биз бүгин дүньяға Өзбекстан атын мақтаныш пенен жырлай алдық.

Ғәрезсизлик байрамымыз босағасында қолға киргизилген бул жеңис халқымыз ушын рәмзий мәниге ийе болып, жас әўладтың елимиздиң раўажланыўына қосқан мүнәсип үлеси сыпатында тарийхта қалады.

- Бул рекордлар китабына кириўдиң тийкарғы шәртлеринен бири өним сатыўға шыққан болыўы керек, - дейди Ташкент химия-технология институтының студенти Самандар Каримбердиев. - Биз таярлаған конструктор робот, пахта териўге мөлшерленген болып әлле қашан, сатыўда бар. Усы роботтың майда бөлеклерин жыйнап, ықшамластырылған моделин көрсеттик. Процесс жүдә толқынландырыўшы ҳәм әжайып болды.

Илаж Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң басламасы менен шөлкемлестирилди. Таңлаў процесинде 15-20 жастағы қәбилетли жас инженерлер таңлап алынды. Аймақлардағы жоқары оқыў орынларынан 1000, Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынларынан 930, Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги қурамындағы мәкемелерден 50 жас, майыплығы болған жас инженерлерден 20 адам қатнасты.

Илажда Жәҳән Гиннес рекордлары шөлкеми төрешиси Карл Савилле қатнасып, процессти қадағалап, нәтийжени рәсмий жәриялады.

25 минут ишинде жас инженерлеримиз тәрепинен жаратылған роботлар арнаўлы тәртипте тексерилди ҳәм илаж бас төрешиси тәрепинен рәсмий тастыйықланды. Буннан соң, Гиннестиң рекорды жаңаланғаны ҳаққындағы сертификат салтанатлы түрде жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шариповқа тапсырылды. Усы тәризде, 18-август күни Өзбекстан тарийхында биринши мәрте инженерлик тараўында Гиннестиң рекорды орнатылды.

Мағлыўмат ушын, Гиннестиң рекордлар китабында робототехника тараўында 351 түрли бағдардағы рекордлар бар. 2023-жылда Ҳиндстанда 1459 жас бир ўақыттың өзинде мини-робот жасап, ҳәрекетлендирген еди. Өзбекстан жаслары бул ретки көрсеткиш пенен дүньядағы ең ири инженерлик миссиясына еристи.

Рисолат МАДИЕВА,

 "Янги Ўзбекистон" хабаршысы