Жаслар айлығы шеңберинде ушырасыўлар өткерилди

    30 маусым 2025 175

    Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Жаслар айлығы» шеңберинде Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Мойнақ, Беруний ҳәм Елликқала районларында белсенди жаслар менен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўлар шеңберинде мәлимлеме технологиялары, санлы хызметлер, стартапларды раўажландырыў, халықаралық грант қаржыларын тартыў ҳәм жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша тийисли шөлкемлер менен қәнигелердиң қатнасыўында мағлыўматлар ҳәм презентациялар усынылды.

    Онда мәмлекетимиз басшысының басламалары менен жасларға жаратылып атырған имканиятлар, олардың билим алыўы, кәсип ийелеўи, өз идеяларын әмелге асырыўы ушын жаратылып атырған шараятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, бул имканиятлардан пайдаланып, жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған жаслардың саны артып атырғаны атап өтилди.

    Жаңаша форматта өткен ушырасыўларда жаслар тәрепинен билимлендириў, IT тараўы, исбилерменлик жумысын кеңейтиў сыяқлы бир қатар усыныс ҳәм басламалар билдирилди. Көтерилген мәселелер дизимге алынып, тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

    Жаслар, өз гезегинде, Президентимиз тәрепинен жаратылып атырған имканиятлар ҳәм көрсетилип атырған итибар ушын миннетдаршылық билдирди.

    Сондай-ақ, ҳәр қыйлы тараўларда белсендилиги менен ажыралып турған бир топар жаслар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық сыйлықланды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates