Алып барылып атырған илажлардың даўамы ретинде Әмиўдәрья районында да жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша «Жаслар дәптери» не киргизилген жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бығдарында жумыслар алып барылып атыр. Районда «Жаслар дәптери» не киргизилген 31 ҳаял-қыз кәсип өнерге оқытылып, субсидия тийкарында әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.
Болып өткен илажда сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары тәрепинен оларға әсбап-үскенелер тапсырылып, ҳаял-қызларға, жасларға көрсетилип атырған бул ғамхорлықлар мәмлекетимиз басшысының итибары нәтийжеси екенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.