Мәселен, Төрткүл районындағы «Марказобод» мәҳәллесинде жасаўшы Хуршида Кулумбетоваға субсидия тийкарында тигиў машинасы алып берилген еди. Бүгин ол айына орташа 4 миллион сум дәрамат таппақта. Бул бир жылда дерлик 50 миллион сум дегени.

- Ҳәким жәрдемшиси сыпатында жумыс баслағанымнан берли адамлардың арасындаман. Ҳәр күни шаңарақларға кирип, машқалаларды үйренемен. Кимниңдур имканияты болса да, ислеўди қәлемейди. Басқа биреў майыплығы себепли қәлесе де ислей алмайды. Соның ушын, "мәҳәлле жетилиги" менен бирге, мийнетке жарамлы халық арасында жақсы дәрамат табыў, абадан жасаўға умтылыў, кәсип-өнер үйрениў, исбилерменликти жолға қойыў, қыйтақ жерден пайдаланыў сыяқлы тәреплерге итибар берип атырмыз. Кәмбағал шаңарақлар менен мәнзилли ислеп, оларға жеңиллетилген кредит ҳәм субсидиялардан пайдаланыў мәдениятын үйретпектемиз, - дейди Төрткүл районы «Марказобод» мәҳәллесиндеги ҳәким жәрдемшиси Акмалжон Қўчқоров. - Мәмлекетимиз усынып атырған жеңиллетилген кредит ҳәм субсидияларды алыў менен бирге пуқаралар өзи ҳәм шаңарағының келешеги, финанслық абаданлығын тәмийинлеўде жуўапкершиликти де сезиўи керек, әлбетте. Тилекке қарсы, имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў бағдарында немқурайдылық етип атырған айырым пуқаралар елеге шекем ушырасып турады. Оларды оятыў, белсендиликке ийтермелеўди тийкарғы мақсетимиз етип алғанбыз.

Бир күни ҳәким жәрдемшиси мине усындай адамлардан қапа болып, гезектеги үйге киргенинде жүдә тәсирли ўақыя жүз берди. Мәҳәлледе жасаўшы пенсионер Малика Каримоваға усынылған жәрдемди алғысы келмеди. "Қолдан бергенге қус тоймайды. Мәҳәлле қашанғы маған жәрдем береди, жатып ишер болыўды қәлемеймен", деди. Жеңиллетилген кредит алыўда жәрдем сорап, исбилерменлик жумысы менен шуғылланыў тилегин билдирди. Жуўапкерлер оған зәрүр қаржы ушын усыныснама берди. Сол тәризде жумыссыз, жәрдемге мүтәж шаңарақ ўәкили дәраматлы жумыс орнына ийе болып, қойшылық пенен шуғылланып баслады.

Және усы мәҳәлледе жасаўшы Шоҳиста Рўзимбоева да "Ҳаял-қызлар дәптери"нде дизимде турады. Той-мерекелер ушын сахна безеўлерин таярлаўға қызығады. Соны есапқа алып, оның 31 миллион сумлық жеңиллетилген кредит алыўына жәрдем берилди. Ҳаял өзине қосып, және 2 адамды жумыс пенен тәмийинледи. Сондай-ақ, "Жаслар дәптери"нде дизимде турыўшы Ёдгорбек Абдуллаевқа хызмет көрсетиў бағдарында жумыс баслаўы ушын 5 миллион сумлық жеңиллетилген кредит ажыратып берилди.

Аймақтағы “POLAT SHAROF SAVDO” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тигиўшилик ҳәм тоқымашылық бағдарын раўажландырыўы ушын "Агробанк"тиң районлық филиалынан 100 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредит алыўда әмелий жәрдем көрсетилиўи нәтийжесинде 3 жаңа жумыс орны ашылды.

Исбилерменликти раўажландырыў бағдарында халық белгили тәжирийбеге ийе. Себеби аймақтың өсиў ноқаты - хызмет көрсетиў ҳәм исбилерменлик. Мәҳәлле халқы бул драйвер тараўлардан ақылға муўапық пайдаланып, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға үлес қоспақта. Мысал ушын, 2024-жылы жумыссызлар 53 адам еди. Ҳәзирги ўақытқа келип, бул сан тең ярымына қысқарды. Быйыл жумыссыз ҳаял-қызлардың 11 и исбилерменликти баслады. 10 адам турақлы жумыс орнына жайластырылған.

Халық арасында жеңилликлерден нәтийжели пайдаланып атырғанлар көп. Тек ғана 2025-жылдың өткен дәўири даўамында ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм жаслар жетекшисиниң басламасы менен «Марказобод» мәҳәллесинде жасайтуғын 7 пуқараға жеңиллетилген кредитлер берилген.

26 жигит-қыздың басламасы қоллап-қуўатланған. Сондай-ақ, 4 шаңарақтың жоқары оқыў орнында оқып атырған перзентлериниң оқыўы ушын төлем-контракт пулы төлеп берилген.

- Ең әҳмийетлиси, усы жылдың өткен дәўиринде 14 адамның бәнтлиги тәмийинленди. Кәсип-өнер үйрениўи ушын 12 ҳаял-қызға усыныснама берилди. Аймақтағы исбилерменлер менен көбирек ислеспектемиз. Соның менен бирге, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў мәдениятын арттырыў да итибарымыз орайында, - дейди Акмалжан Қўчқоров. - Усы жылы биринши мәрте "кәмбағал шаңарақлар портрети"н жаратыўға киристик. Бул бағдарда мәҳәллемизде 22 шаңарақ таңлап алынды. Енди бул шаңарақларды кәмбағаллықтан алып шығыў илажын излеп атырмыз. Бәринен бурын, олардың бәнтлигин тәмийинлеймиз, кәсип-өнерге бағдарлаймыз, жеңиллетилген кредит тийкарында исбилерменлик баслаўына жәрдемлесемиз. Ис-ҳәрекетлеримиз бенен жыл ақырына шекем мәҳәллемизде бирде-бир кәмбағал шаңарақ қалмайды. Соның менен бирге, мәҳәллемизде ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмаўына биргеликте ериспекшимиз. Әсиресе, бул жерде жасайтуғын майыплығы болған 93 шахс, бағыўшысын жоғалтқан 26 шаңарақ, жалғыз баслы 1 кексени қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды күшейтемиз. Оларға сапалы социаллық хызмет көрсетемиз.

Адамларда имканиятлардан көбирек пайдаланыў тилеги оянбақта. Мийнетке жарамлы халық арасында жақсы дәрамат алыў, жақсы жасаўға умтылыў, кәсип-өнер үйрениў, исбилерменликти жолға қойыў, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў ҳәрекетинде жанланыў сезилмекте. Төрткүл районындағы «Марказобод» мәҳәллесиндеги 162 пуқара миграция тийкарында сырт елге жумыс ислеўге кеткени анықланған еди. Өткен дәўирде "мәҳәлле жетилиги" олар менен турақлы байланыс орнатты. Нәтийжеде миграцияда болып атырған ўатанласларымыздың 75 и үйине қайтты. Өзине мүнәсип жумыс пенен тәмийинленип, социаллық қоллап-қуўатланды.

Қысқасы, кәмбағаллықты қысқартыў, халықты бәнт етиў жолындағы Төрткүл районы «Марказобод» мәҳәллесиндеги әмелий ҳәрекетлер басқа мәҳәллелер ушын да үлги болмақта.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы