Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов қатнасты. Атап өтилгениндей, халқымыз тарийхында ҳәм әдебиятында өшпес из қалдырған Әжинияз Қосыбай улы келешек әўладлар, әдебият ықласбентлери ушын бийбаҳа мийрас қалдырып кеткен, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўға үлес қосқан уллы сөз зергери, данышпан шайырларымыздан саналады.
Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен уллы ойшыл бабамыздың 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде белгиленетуғын халықаралық юбилейлер қатарына киргизилгени, Әжинияз Қосыбай улының атын мәнгилестириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышламақта. Бүгинги өткерилген әдебий-көркем илажы да мине усы бағдардағы илажлардан бири есапланады. Өткерилген илажда бир қатар жәмийетлик белсендилер шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, сондай-ақ, оннан қалған өлмес мийрас ҳаққында кең түрде атап өтти. Илаж өзбек ҳәм қарақалпақ көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.