Реже жәбирлениўшилер, гүўалар ҳәм жынаят процесиниң басқа да қатнасыўшыларының социаллық қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған бир мәрте берилетуғын напақаны тайынлаў ҳәм төлеў тәртибин белгилейди.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги социаллық қорғаў илажларын тәмийинлеўши уйым етип белгиленди.
Төмендегилер қорғалыўшы шахсқа жынаят процесинде қатнасыўы мүнәсибети менен социаллық қорғаў илажларын қолланыўға тийкар болады:
- қайтыс болғанлығы (өлгенлиги);
- оған майыплықты келтирип шығаратуғын дене жарақаты жеткерилгенлиги ямаса денсаўлығына басқаша зыян жеткерилгенлиги;
- оған майыплықты келтирип шығармайтуғын дене жарақаты жеткерилгенлиги ямаса денсаўлығына басқаша зыян жеткерилгенлиги;
- мүлклик зыян жеткерилгенлиги.
Бир мәрте берилетуғын напақаның муғдары төмендеги муғдарларда төленеди:
шахс қайтыс болғанда оның шаңарақ ағзалары ҳәр бирине тең үлеслерде - БЕМниң 100 есеси муғдарында;
шахсқа майыплыққа алып келиўши дене жарақаты жеткерилгенде ямаса денсаўлығына басқа да зыян жеткерилгенде, майыплық топарына бола:
▪️I топар - БЕМның 80 есеси муғдарында;
▪️II топар - БЕМның 70 есеси муғдарында;
▪️III топар - БЕМның 50 есеси муғдарында.
майыплыққа алып келмейтуғын дене жарақаты жеткерилгенде ямаса денсаўлығына басқа да зыян жеткерилген болса, суд-медициналық экспертизасының жуўмағы тийкарында:
▪️аўыр дәреже - БЕМның 35 есеси муғдарында;
▪️орта дәреже - БЕМның 35 есеси муғдарында;
▪️денсаўлықтың қысқа мүддетке жаманласыўына алып келген жеңил дәреже - БЕМның 25 есеси муғдарында.
Социаллық қорғаў илажларын қолланыў ҳаққындағы қарар (ажырым) оны тәмийинлеўши уйым тәрепинен оны алған күннен баслап, 10 сутка ишинде орынланыўы керек.
Бир мәрте берилетуғын напақа салыққа тартылмайды ҳәм оннан услап қалыўлар әмелге асырылмайды.
Бул қарар 2025-жыл 1-апрельден күшке киреди.