Хызметлер Жиззақта экономикалық өсиў драйверлеринен бирине айланбақта

    Сиясат 2 желтоқсан 2025 693

    Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ қаласындағы "Көк сарай" саўда ҳәм сервис комплексиниң жумысы менен танысты.

    Елимизде саўдада заманагөй хызметлерди раўажландырыў, киши бизнес ҳәм исбилерменлик ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

    Жиззақ қаласындағы 3,5 гектар майданда жайласқан "Көк сарай" комплекси ўәлаяттағы ең ири саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў объектлеринен бири болып есапланады.

    Бул жерде 300 ден аслам жаңа исбилерменлик субъекти жумыс баслады. Нәтийжеде 800 ден аслам жумыс орны жаратылды, соның ишинде, 100 кәмбағал пуқара жумыс пенен тәмийинленди.

    Комплексте ири саўда тармақларының филиаллары, 10 жергиликли ҳәм сырт ел брендлери, 250 саўда орны, фуд-корт, балалар майданшасы бар. Көрсетилип атырған хызметлер көлеми жылына 223 миллиард сумды қурайды.

    Комплексте китапхана ҳәм китап дүканы шөлкемлестирилгени дыққатқа ылайық.

    Жойбардың екинши басқышы шеңберинде аўыл хожалығы өнимлери ушын үш қабатлы экобазарды қурыў режелестирилген. Онда 1 мың саўда орны болады. Нәтийжеде 2 мың жаңа жумыс орны жаратылады.

    Президентимиз комплекс жумысы менен танысты, мийманлар менен сәўбетлести. Хызметлер тараўын комплексли көзқарас тийкарында буннан былай да раўажландырыў, бундай орайларды басқа аймақларда да көбейтиў зәрүрлигин атап өтти.

    Соның менен мәмлекетимиз басшысы Жиззақ ўәлаятына сапарын жуўмақлап, Ташкентке жөнеп кетти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates