Төрткүл районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеңесиниң 2025-жылда руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, районда социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеўге бағышланған мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти Төрткүл районының ҳәкими, районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеңесиниң баслығы Р.Шамуратов алып барды. Мәжилисте кеңес ағзалары, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Мәжилис даўамында 2024-жыл даўамында усы бағдарда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы Ж.Сеттийевтиң мәлимлемеси тыңланды.
Кеңес ағзалары тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында 2025-жыл даўамында әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.