Жөнелисли автотранспортлар туратуғын орын пайдаланыўға тапсырылды

    8 қаңтар 2025 290

    Нөкис районы орайынан бой тиклеген «Автостанция Ақмаңғыт» автотранспортлар туратуғын орын пайдаланыўға тапсырылды.

    Ашылыў мәресимине бағышланған илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Дәўлетияров, Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри П.Қайыпбеков, район ҳәкиминиң орынбасары М.Мамбетрзаев ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллеры қатнасты.

    Автотранспортлардың туратуғын орынның қурылыс жумыслары «Антакия моторс» ЖШЖ тәрепинен алып барылып, оған 1,5 млрд сум қаржы жумсалды.

    Илажда сөзге шыққанлар Президентимиздиң итибары ҳәм ғамқорлығы менен социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде кең көлемли қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

    Буннан соң дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары автостанцияның ишинде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates