Усы жылдың август айында бизди қандай ҳаўа-райы күтип тур?

    28 шілде 2025 2395

    Июль - жаз мәўсиминиң екинши айы да тамамланбақта, жаздың соңғы айы - август жақынласып келмекте.

    Август айында температура фоны төменлей баслайды, бул ай июльдей жүдә ыссы болмайды. Өзбекстан аймағы бойынша август айының орташа айлық температурасы июль айына салыстырғанда 1,5-2,5 дәрежеге төмен болады. Бирақ, соған қарамастан, август еле де жүдә ыссы ай болып есапланады.

    Август айы қурғақ ҳәм бираз ыссы ҳаўа-райы менен басланады. Айдың үлкен бөлиминде температура тийкарынан күндиз 34-37 дәреже әтирапында, қублада айырым жерлерде 40-41 дәрежеге шекем болады. Бундай температура жаз мәўсими ушын жүдә қолайлы болып, ол август айындағы орташа жыллық мәнислерге жақын.

    Түнде температура тийкарынан 18-23 дәреже болады.

    Үшинши он күнликте температура түнде әсте-ақырын 13-18 дәрежеге шекем, күндиз 30-35 дәрежеге шекем, қублада 36-38 дәрежеге шекем төменлейди.

    Август айы тийкарынан қурғақ болыўы күтилмекте. Республика аймағының үлкен бөлегинде ай даўамында жаўын жаўыўы итималы аз.