Пенсия қорының мәлим етиўинше, буның ушын төмендеги шәртлерге әмел етиў керек:

I ямаса II топар майыплығы болған шахс пенсия тайынланғанынан кейин мийнет етиўин даўам еттириўи керек;

пенсия тайынланғанынан кейин кеминде бир жыл мийнет стажына ийе болыў.

Мийнет стажы ҳәм мийнет ҳақы ҳаққындағы мағлыўматлар Пенсия қорына тийисли шөлкемлердиң мәлимлеме системаларынан автоматикалық түрде келип түседи. Усы мағлыўматлар тийкарында пенсияны қайта есаплаў пенсионердиң мүрәжатысыз, автомат тәризде әмелге асырылады.

Пенсия муғдары көбейген жағдайда пенсионердиң дизимге алынған телефон номерине SMS-хабарнама жибериледи. Егер телефон номери пенсионердиң атына рәсмийлестирилмеген болса, хабарнама почта арқалы жибериледи.