Каналларды бетонлаўдың әҳмийети кеңеймекте

    12 наурыз 2025 289

    Алдын хабар бергенимиздей, усы күнлерде Қарақалпақстанда болып турған Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Хамраев районларда суў хожалығы тараўында, сондай-ақ, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныспақта,-деп хабар бермекте Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети.

    Бүгин министр Қоңырат районында болып, дәслеп Президентимиздиң тийисли қарары тийкарында реконструкцияланып атырған “Жинишке” каналының бетонланып атырған бөлегин барып көрди ҳәм бетонлаў жумысларын жеделлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

    Қоңырат районы орайынан ағып өтиўши “Жинишке” каналының 2,5 километрлик бөлегинде бетонлаў жумысларын алып барыў режелестирилген. Бүгинги күнде “Қубла Бунёдкор Жанубий” ЖШЖ қурылыс кәрханасы тәрепинен бетонлаў жумыслары алып барылмақта. Бул каналда реконструкциялаў жумыслары жуўмақланғаннан соң, район орайындағы мәҳәллелер, Өрнек ҳәм Әдебият аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларының суў тәмийнаты жақсыланады.

    Суў хожалығы министри қурылыс кәрханасының жуўапкерлерине қосымша техника ҳәм жумысшы күшин тартып, бетонлаў жумысларын жеделлестириў бойынша тапсырма берди. Ертеңнен баслап жумысшыларды 100 ге жеткериў, Наўрыз байрамына шекем каналдың 1,5 километрлик бөлегин бетонлаўды жуўмақлаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

    Усы жерде Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминов пенен ушырасып, районда ирригация тармақларын бетонлаў, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде халықтың қыйтақ жерлерине суў жеткериў бағдарындағы жумыслардың барысы ҳәм алдағы ўазыйпаларды додалады.

    Район ҳәкими ҳәм аймақтағы суў хожалығы жуўапкерлери менен биргеликте Хорезм ҳәм Өрнек аўылларындағы ишки канал ҳәм салмаларды бетонлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен де танысты. Ишки канал ҳәм салмаларды бетонлаў бағдарындағы илажларды жеделлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates