Бул ҳаққында Ташкентте болып өткен Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан саўда ҳәм инвестиция министрлери кеңесиниң биринши мәжилисинде ҚР саўда ҳәм интеграция министри Арман Шаққалиев мәлим етти, деп жазбақта ElDala.kz.
ҚР Саўда министрлигиниң мағлыўматларына бола, Қазақстан Өзбекстанға бағыў майданлары, гөш ҳәм сүтти қайта ислеў, май санаатын раўажландырыў ҳәм шегара алды агрокластерлерди шөлкемлестириўди өз ишине алған толық өндирис шынжырларын қәлиплестириўге өтиўди усыныс еткен.
Бундай басламалардың әмелге асырылыўы азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў, биргеликтеги өнимлерди Қытай, Жақын Шығыс ҳәм Қубла Азия базарларына алып шығыў имканиятын береди.
Транспорт-логистика жойбарлары да бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары сыпатында атап өтилди. Қазақстан ҳәм Өзбекстан транзит жолларын раўажландырыўға регионаллық саўда көлемин арттырыўдың стратегиялық факторы сыпатында қарамақта. Өткен жылы Қазақстан арқалы Транскаспий халықаралық транспорт жөнелиси бойынша тасыў көлеми дерлик 2,8 миллион тоннаны қурап, өткен жылға салыстырғанда 35 процентке артқан. Қазақстан тариф сиясатын муўапықластырыўды күшейтиў, логистика процесслерин санластырыўды жеделлестириў, инфраструктураны модернизациялаў, бизнес қәрежетлерин азайтыў ҳәм коридорлардың өткериўшеңлигин арттырыў мақсетинде "қағазсыз саўда" механизмлерин енгизиўди усыныс етти.
Саўда министрлигиниң мағлыўматларына бола, усы жылдың тоғыз айында Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасындағы еки тәреплеме товар алмасыў көлеми 3,4 миллиард долларға жетип, 18 проценттен аслам өсиўди көрсеткен. Стратегиялық ўазыйпа - өз-ара саўданы 10 миллиард долларға жеткериў.








