"Биз шеклеўлердиң түрли вариантларын көрип шықпақтамыз. Министрликте жумысшы топар дүзилген. Тийкарғы мақсет - балаларды нызамға қайшы контенттен қорғаў болып, бул бағдарда дүньяның көплеген мәмлекетлеринде әмелге асырылған. Мәселе ашық қалмақта: жәмийет, ата-аналар, педагоглар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен кеңнен додалаўды режелестиргенбиз", - деди Жулдыз Сулейменова.
Министр ҳәзир ислеп шығылып атырған тийкарғы илажларды санап өтти:
имканиятларды қадағалаўдың биринши басқышы сыпатында жас өспиримлер ушын SIM -карталарын мәжбүрий дизимнен өткериў;
14 жасқа шекемги балалар ушын мүмкин болған, ҳуқыққа қарсы материалларды оператив блоклаў имканиятына ийе болған контентти мониторинг етиў;
мектеплерде балаларға интернет ҳәм социаллық тармақлардан қәўипсиз пайдаланыўды түсиндирип берилетуғын санлы ҳәм медиа саўатлылық бағдарламаларын күшейтиў.
"Социаллық тармақлардан пайдаланыўды шеклеў ҳаққындағы қарар, әлбетте, медиа жәмийетшилиги ҳәм ата-аналар қатнасыўында жәмийетлик додалаўға қойылады. Жумысшы топар дүзилген, биринши мәжилис қашан өткерилетуғыны ҳаққында қосымша хабар беремиз", - деп қосымша етти министр.
Оның атап өтиўинше, баслама ҳәзирше додалаў процесинде болып, жуўмақлаўшы қарарлар қабыл етилмеген.
Еслетип өтемиз, 2025-жыл декабрь айында Қазақстан Мәденият ҳәм мәлимлеме министрлиги 16 жасқа толмаған пайдаланыўшыларды онлайн платформаларда дизимнен өткериўди қадаған ететуғын нызам жойбарын ислеп шыққан еди. Кейин ала министрлик қадаған етиў тек ғана социаллық тармақларға тийисли болатуғынын мәлим етти, деп жазбақта media.az.