22 Apr 2025
03:46

    Кеўли тоқ инсанның жумысында өним ҳәм берекет болады

    Ҳәр бир инсан, бәринен бурын, өз үйине ийе болыўы, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ушын шараят жаратылыўы керек. Себеби, үйинен кеўли тоқ инсанның жумысында өним ҳәм берекет болады.

    Усы мақсетте кейинги бес жылда улыўма майданы 21,7 миллион квадрат метр болған көп квартиралы турақ жайлар қурылып, халықтың турақ жай сатып алыўына жәрдемлесиў ушын 67 триллион сум ипотека кредитлери ажыратылды. Бюджеттен 44 триллион сум қаратылды.

    Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Өзбекстан тәжирийбесиниң өзине тәнлиги сонда, бул сиясат ең төменги буўын - мәҳәлле дәрежесине шекем түскен. Ең тийкарғысы, халықтың билимлендириў ҳәм сапалы медициналық хызметтен пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, турақ жай шараятларын жақсылаў, социаллық қорғаўды күшейтиўге де айрықша итибар қаратылып, бул арқалы көп өлшемли кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламасы әмелге асырылмақта.

    Бүгин болса дәраматы жоқары болмаған шаңарақларға мәмлекетимиз жәрдем қолын созбақта. Яғный субсидия арқалы мыңлаған инсанлардың әрманлары орынланып, турақ жайға ийе болмақта.

    Субсидия не? Субсидия - турақ жай сатып алыў ушын дәслепки басқышта мәмлекет тәрепинен төлеп берилетуғын қаржы. Ең әҳмийетлиси, ол қайтарып алынбайды.

    Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 21-февральдағы "Үй-жай ҳәм ипотека базарын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы менен 2025-жыл ушын ипотека кредитлери арқалы халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламасының тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди.

    - Соның ишинде, усы жылы аймақларда жәми 135 мың квартиралы турақ жайлар қурылады, - дейди Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң бас қәнигеси Шаҳбоз Зокиров. - Ең әҳмиетлиси, 30 мың талабанға субсидия ҳәм 20 триллион сум ипотека кредити ажыратылады.

    Усы мақсетлер ушын ипотека кредитлери бойынша дәслепки төлем ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар саны 1,5 есеге арттырылады ҳәм усы мақсетлерге мәмлекетлик бюджеттен 2,5 триллион сум қаратылады.

    Өзгериўшең базар шараятында турақ жай қурыў пуқта есап-санақ пенен бирге күтилмеген баҳа өсиў жағдайларына таяр турыўды талап етеди. Болмаса үлкен қаржы жоғалтылып, пайдаланыў мүддетлериниң кешигиўине, халықтың наразылығына себеп болыўы мүмкин.

    Буны биз бүгин көплеген мысалларда көрмектемиз, айырымларымыз басымыздан өткерип атырмыз. Пәрман менен усы сыяқлы жағдайларда халықты және қурылыс шөлкемлерин қоллап-қуўатлаў ушын турақ жай ҳәм ипотека базарын финанслық ресурслар менен тәмийинлеў ушын 20,9 триллион сум ипотека кредити ажыратылатуғыны белгиленди. Сондай-ақ, "Жаңа Өзбекстан" ҳәм басқа да массивлерде көп квартиралы турақ жайлар қурыўда қатнасатуғын қурылыс шөлкемлерин айланыс қаржылар менен тәмийинлеў ушын мәмлекетлик бюджеттен 700 миллиард сум және коммерциялық банклердиң өз қаржылары есабынан 3 триллион сум қаратылады.

    Реновация қалалылар көп талқылайтуғын темалардан бири. Бул тәбийий жағдай. Себеби, республикамыздағы көп квартиралы турақ жай фондының дерлик 40 процентин 2-3 қабатлы жайлар қурайды. Олардың көпшилигине ақаба суў қубырлары тартылмаған. Айырымларының пайдаланыў мүддети таўсылып атыр.

    Ҳүжжетте бул мәселениң шешими ҳәм оны әмелге асырыў шәртлери де белгиленди. Яғный 2025-жыл 1-марттан баслап реновация тийкарында көп квартиралы турақ жайларды қурыў тәртиби енгизилмекте. Оған бола, реновация жойбарын баслаўға барлық мүлк ийелери менен нотариал тастыйықланған келисим шәртнамасына қол қойылғаннан соң руқсат бериледи.

    - Буннан тысқары, 2025-жылдың ақырына шекем реновация бағдарламалары тийкарында 20 мың ҳәм 2026-жылдың ақырына шекем 30 мың квартиралы турақ жайлар қурылады, - дейди Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги басқарма баслығының орынбасары Элёр Комилов. - Мүлк ийелерине, олардың қәлеўине бола, бир қатар компенсация түрлери усыныс етилмекте. Атап айтқанда, бузылып атырған турақ жай объектлериниң орнына олардың майданынан кем болмаған, реновация бағдарламасына муўапық жаңадан қурылатуғын турақ жайлардан жасаў ушын таяр ҳалдағы квартиралар мүлк ҳуқықы тийкарында бериледи. Қурылыс дәўиринде көшиў, соның ишинде, басқа турақ жай объектин ўақтынша ижараға алыў менен байланыслы қәрежетлер, бузылып атырған турақ жай ҳәм турақ жай емес жайдың базар баҳасы толық қаплап бериледи.

    Бүгин көп орынларда қурылып атырған "Жаңа Өзбекстан" массивлерине қызығыўшылық жоқары. Көпшилик бундай орынларда жасаўды әрман етеди. Мектеп, бақша, шаңарақлық поликлиника, дүкан жаныңызда. Мәҳәлле мәкемесинде өзиңиздиң көплеген машқалаларыңызды шешиўиңиз мүмкин.

    Ҳүжжетте усы массивлерди қурыўға байланыслы барлық мәселелер қамтып алынған. Атап айтқанда, 2025-жыл 1-марттан баслап "Жаңа Өзбекстан" массивлери ушын жаңа аймақлар урбанизация принциплерине муўапық таңланбақта. Жерди көп квартиралы турақ жай қурыў ушын ижараға алған юридикалық шахслар жер салығын төлеўден азат етиледи.

    - Аймақларда жаңадан қурылатуғын инфраструктуралық объектлерде қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмалары ҳәм энергияны үнемлейтуғын үскенелерден кеңнен пайдаланылады, - дейди Э.Комилов. - Буннан тысқары, көп квартиралы турақ жайлар ҳәм социаллық тараў мәкемелериниң электр энергиясы тәмийнатына жеке меншик операторларды тартыў нәзерде тутылмақта. Ақаба суў тазалаў системаларында технологиялық тазаланған суўды массивлер аймағын абаданластырыў, көклемзарластырыў, ирригация ҳәм басқа да мақсетлерге бағдарлаў жолға қойылады.

    Усы жыл 1-майдан аукцион саўдаларда жер участкасын көп квартиралы турақ жай қурыў ушын ижараға алған юридикалық тәреплер ижараға алған ўақыттан баслап 12 ай даўамында усы жер участкасы бойынша жер салығын төлеўден азат етиледи. Онда көп квартиралы турақ жай белгиленген мүддетте қурылып, пайдаланыўға тапсырылмаса, жеңилликтен пайдаланылған дәўир ушын жер салығы 2 есе муғдарда өндириледи.

    Қурылыс қурамалы тараў. Имарат пайдаланыўға тапсырылғанға шекем бир қатар талапларға жуўап бериўи керек. Гейде тәртиплерге әмел етпеў, мүддетлердиң узақлығы себепли, турақ жайлардың ийелерине тапсырылыўы кешигеди. Бул болса пуқаралардың ҳақылы наразылықларына себеп болады.

    Ҳүжжетте бул мәселелерге де ҳуқықый шешим көрсетилди. 2025-жыл 1-майдан қурылысты баслаўдан пайдаланыўға рухсат бериўге шекемги процесслер толық онлайн режиминде "Ашық-айдын қурылыс" системасында әмелге асырылады. Қурылысы жуўмақланған көп квартиралы турақ жайдан пайдаланыўға рухсат бериўде тек ғана Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы ҳәм мәмлекетлик өрт қадағалаўы уйымларынан жуўмақ алынады. Инспекцияда дизимнен өткен ҳәм ол тәрепинен қадағалаўға алынатуғын көп квартиралы турақ жайларды пайдаланыўға рухсатнама бериўден алдын инструментал-техникалық тексериўден өткериў әмелияты бийкар етиледи.

    Лутфулла СУВОНОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech