Химия санаатын раўажландырыў режелери таныстырылды

    Сиясат 3 желтоқсан 2025 692

    Президент Шавкат Мирзиёев 3-декабрь күни химия санаатында өндирис ҳәм експортты көбейтиў, өнимлердиң өзине түсер баҳасын азайтыў мәселелери бойынша презентация менен танысты.

    Мәмлекетимизде химия тармағын жедел раўажландырыў ҳәм санластырыў бойынша мәнзилли стратегия қабыл етилген. 2030-жылға шекем өндирис көлемин кеминде 2 есеге, минерал төгинлер ислеп шығарыўды 1,5 есеге арттырыў, экспортты 1 миллиард долларға жеткериў мөлшерленген.

    Ҳәзирги ўақытта тараўда улыўма баҳасы 1 миллиард долларлық 21 ири жойбар әмелге асырылмақта, кейинги үш жылда және 4,5 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырыў бойынша басламалар таярланған.

    Презентацияда химия санаатындағы ири кәрханаларда ислеп шығарыў қуўатлықларының бир бөлеги ескиргени себепли энергия жумсалыўы артып, өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығы төменлеп атырғаны атап өтилди. Мәселен, азотлы төгин ислеп шығарыўда бул қәрежетлер өзине түсер баҳаның 55 процентине шекемги бөлегин қурайды.

    Энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм санластырыў есабынан қәрежетлерди кескин қысқартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Химиялық өнимлердиң дүнья базары жедел пәтлерде өсип бармақта. Қоңсы мәмлекетлерде 1 миллиард долларлық өнимге талап ҳәм логистика ушын қолайлы шараят болса да, бул имканият толық иске қосылмай атыр.

    Жергиликли шийки затты терең қайта ислеў арқалы жаңа өнимлерди өзлестирип, экспорт көлемин кеминде еки есеге арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

    Быйыл Ташкент, Наўайы ҳәм Жиззақ ўәлаятларында "жасыл" минерал төгинлер, цианлы дузлар, калий ксантогенат, калий сульфат ҳәм басқа да жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў жойбарлары иске қосылды. Бул жаңа өнимлердиң экспортын арттырыў стратегиясын ҳәзирден баслап ойлап табыў зәрүрлиги атап өтилди.

    Келеси жылы 4 миллион 500 мың тонна пахта жетистириў мақсет етилген.

    Сол себепли фосфорлы төгинлердиң зәрүр резервин қәлиплестириў, сондай-ақ, төгин ислеп шығарыўшыларға жетерли муғдардағы сульфат кислотасын өз ўақтында жеткерип бериў ўазыйпасы қойылды. Фермерлерге төгин сатып алыў ушын жеңиллетилген кредитлер бериў жумысларын тез пурсатта баслаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Президентимиз химия санааты мәмлекетимиз экономикасының стратегиялық бағдары екенин атап өтип, ишки базарды турақлы тәмийинлеў, экспорт потенциалын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша анық тапсырмалар берди.



    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates