Жарысқа республикамыздың барлық аймақларынан кишкене гимнастикашылар қатнасты ҳәм олардың шығыўлары тәжирийбели төрешилер қурамы тәрепинен мүнәсип түрде баҳаланып барылды.
Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, ул балалар арасында Қоңырат районы 19-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшысы Ҳумаюн Бахытов биринши, Тахтакөпир районы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшысы Зуратдин Нуратдинов екинши ҳәм Кегейли районы 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшысы Бахаўатдин Тажетдинов сыйлы үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.
Ал, қызлар арасында болса, Қоңырат районы 25-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшысы Жанерке Қдырбаева биринши, Кегейли районы 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшысы Улдарий Жумамуратова екинши ҳәм Хожели районы 5-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшысы Дилшада Сапарниязовалар үшинши орынларды ийелеўге еристи. Жеңимпазларымыз жарыс шөлкемлестириўшилери тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.








