Бул итибарға мүнәсип көрилгенимди тек ғана жеке мийнетиме берилген жоқары баҳа емес, ал пүткил өмирин миллет келешеги, жас әўладтың тәлим-тәрбиясына бағышлаған мыңлаған пидайы устазларға көрсетилип атырған жоқары ҳүрметтиң көриниси сыпатында қабыл етемен.
Районымыздағы, Қарақалпақстандағы қайсы мектепке бармаң, математика муғаллимлери арасында, әлбетте, шәкиртлерим бар. Негизинде усының өзи бир бахыт, үлкен сыйлық. Ҳәзирги күнде жоқары мағлыўматлы қәниге болған шәкиртлерим саны 2000 нан артты. Олардың арасында 600 ге шамаласы математика, физика муғаллими. Мектебимизде мийнет етип атырған 10 математика муғаллиминиң де 6 ы шәкиртлерим. Олардың бойлары бойымнан өтип, мениң менен тең, бир қатарда ислеп киятырғанынан мақтанаман.
Мектебимиздеги 10-11-вариатив классларға математикадан сабақ беремен. Питкериўшилеримиз 8 жылдан берли ҳәр жылы 100 процентлик нәтийже менен жоқары билимлендириўге қабыл етилип атырғаны көкирегимди мақтанышқа толтырады. Усы жылы да бул бағдарда 100 процентлик нәтийжеге еристик. 25 оқыўшымыздың барлығы студент болды.
Негизинде бул бир оқытыўшы сондай-ақ ислеўи керек болған жумыс, жас әўлад алдындағы парыз. Бирақ өз ўазыйпам шеңбериндеги мийнетлерим де жоқары баҳаланып, жоқары атаққа мүнәсип көрилгенинен басым көкке жетти. Устазлар байрамы қарсаңында "Өзбекстан халық муғаллими" атағына ерисиў өмиримдеги ең үлкен байрам саўғасы болды. Бул атақ тек ғана маған емес, ал мектебимиз жәмәәтине, пүткил қарақалпақстанлы кәсиплеслериме берилген сыйлық болып табылады. Пурсаттан пайдаланып, олардың бәршесин кәсиплик байрамлары менен қызғын қутлықлайман.
Бүгин елимизде билимлендириў тараўына, муғаллим ҳәм устазлардың мийнетине берилип атырған айрықша итибар, педагогтың абырайы ҳәм статусын арттырыўға қаратылған ийгиликли реформалар биз, муғаллимлерге және де үлкен күш ҳәм илҳам бағышламақта. Бундай көзқарас ҳәр бир педагогтан өз кәсибине садықлық, излениў ҳәм пидайылықты талап етеди. Солай екен, көкирегиме тағылған атақты да мойнымдағы жуўапкершиликтиң және де артыўы деп билемен. Ол маған еле де әҳмийетли ўазыйпаларды, еле де үлкен мақсетлерди жүклейди. Бундай уллы атаққа мүнәсип болыў ушын буннан былай да бар билим ҳәм тәжирийбемди, пүткил күш-ғайратымды жас әўладтың тәлим-тәрбиясына бағышлайман. Себеби, мен ушын ең үлкен бахыт - шәкиртлерим жетискенликлери. Олардың илимли, ағартыўшы, Ўатанға садық инсан болып камалға келгенин көриў ҳәр қандай сыйлықтан да уллы.
Бүгин елимиз мектеплеринде сабақ берип атырған ҳәр бир муғаллимниң жүрегинде бир уллы мақсет бар екенине исенемен: билимли, жоқары мәнаўиятлы, ертеңги күнге исеним менен қәдем қоятуғын әўладты тәрбиялаў. Себеби, устаздың ең уллы мийрасы - оның шәкиртлери, ең уллы мақсети - Ўатанының айдын келешеги.
Азимбай САФАРБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрья районындағы
36-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң математика пәни оқытыўшысы,
"Өзбекстан Республикасы халық оқытыўшысы"
ҳүрметли атақтың ийеси