Бир жыл даўамында Қытайдың ири қала ҳәм провинцияларында туристлик "роад-шоу"лар өткерилди, Сиан, Гуанчжоу ҳәм Гонконгтағы әҳмийетли туристлик көргизбелерде Өзбекстан өзиниң миллий стенди менен қатнасты.
Еки мәмлекеттиң туризм исбилерменлери арасында тиккелей байланысларды жолға қойыўға айрықша итибар қаратылды. Өткерилген илажлар шеңберинде Қытайдың 500 ден аслам туристлик компаниясы менен В2В форматында сөйлесиўлер шөлкемлестирилди ҳәм 40 тан аслам бирге ислесиў келисимлерине қол қойылды.
2025-жыл 1-июньнен баслап Өзбекстан ҳәм Қытай арасында визасыз режим енгизилди, бул қатнаўларды сезилерли дәрежеде әпиўайыластырды ҳәм туризм тараўын раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар ашты.
Нәтийжеде, 2025-жылдың январь-октябрь айларында Қытайдан Өзбекстанға 217 мың турист келди. Жылдың ақырына шекем бул сан 250 мыңға жетиўи күтилмекте.
Итибарлы тәрепи, ерисилген нәтийжелер 2025-жыл ушын белгиленген 180 мың туристлик мақсеттен 40 процентке ҳәм өткен жылғы көрсеткишлерден 3,7 есеге артқан. Бул мәмлекетимиз басшысының Қытайдан 1 миллион турист тартыў бойынша қойған мақсети жеделлик пенен әмелге асырылып атырғанынан дәрек береди.








