"Барлық 12 судья бир аўыздан Радевтиң отставкаға шығыўы бойынша қарар қабыл етти, ол ақырғы болып, бүгиннен күшке киреди", деп хабар бермекте Болгария миллий радиосы.

Радев шийшенби күни мәмлекеттиң Конституциялық судына отставкаға шығыў ҳаққындағы арзасын тапсырды. Арза өткерилген ўақыттан баслап Радевтиң президентлик ўәкилликлери әмелде сапластырылды ҳәм мәмлекет конституциясына муўапық вице-президент Иляна Йотоваға өтти, ол Радевтиң мүддети 2027-жыл 22-январьда жуўмақланғанша президент ўазыйпасын атқарады, деп жазбақта report.az.