Суд қарарына муўапық, "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы нызамның 8, 9, 10-статьяларының екинши бөлиминиң Саўда-санаат палатасына байланыслы нормаларына төмендеги мазмунда түсиник берилди:
"Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм оның аймақлық басқармалары - палата ағзаларының мәплерин гөзлеп берилген даўалар (арзалар) бойынша "...көрсетилген шахслардың талапларын қанаатландырыў толық ямаса бир бөлегин қанаатландырыў бийкар етилген жағдайда, мәмлекетлик бажы усы шахслардан талаплардың қанаатландырылыўы бийкар етилген муғдарына пропорционал түрде өндириледи", деген норманы, мәмлекетлик бажы арза қайсы шахслардың мәплерин гөзлеп берилген болса, сол шахслардан даўа талапларының қанаатландырылыўы бийкар етилген бөлегине пропорционал түрде өндириледи, деп түсиниў керек".
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы нызамды буннан былай да жетилистириў мәселесин көрип шығыў усыныс етилди.