Нызамға бола, айырым нызам ҳүжжетлерине төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте:
унитар кәрхана ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийет түрлерин сапластырыў;
юридикалық шахсларды қосып жибериў, қосып алыў ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасын өзгертиў арқалы қайта шөлкемлестириўде кәрханалардың ҳуқық ҳәм миннетлемелери тапсырыў ҳүжжетинде көрсетилген ямаса көрсетилмегенлигине қарамастан қайта шөлкемлестирилип атырған юридикалық шахсқа өткерилиўи;
корпоратив шәртнама, консорциум ҳәм консорциум шәртнамасы сыяқлы институтлардың ҳуқықый статусын белгилеў;
жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң шөлкемлестириў шәртнамасын мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққындағы талапты бийкар етиў;
хожалық жәмийетлери бақлаў кеңеслериниң акциялар, корпоратив облигациялар ҳәм басқа да баҳалы қағазларды шығарыў ҳаққындағы қарарларын ҳуқықый ҳүжжетлерге муўапық әҳмийетли факт сыпатында жәриялаў;
баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен баҳалы қағазлар шығарылыўы мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги, сондай-ақ, баҳалы қағазлар базарында профессионал жумысты әмелге асырыўға лицензия берилгенлигине байланыслы мәлимлемени жәриялаў.