Мағлыўмат ушын: Пүткил жер жүзилик ҳүкиметлер саммити 2013-жылы БАӘ вице-президенти ҳәм Бас министри, Дубай ҳүкимдары Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум басшылығында шөлкемлестирилген. Шөлкемниң ўазыйпасы глобаллық машқалаларды шешиў ҳәм ҳүкиметлердиң кейинги әўлады ушын күн тәртибин белгилеў ушын инновациялар ҳәм технологияларға итибар қаратып, басқарыў келешегин қәлиплестириўден ибарат.
WSG BMT, Жәҳән банки, Халықаралық финанс корпорациясы, XVF, OPEK, JST, Ислам раўажланыў банки, Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм Жәҳән экономикалық форумы сыяқлы глобал структуралар ҳәм қорлар менен бирге ислеседи. Сондай-ақ, WSG ағзалары дизимине ири халықаралық компаниялар, соның ишинде, VISA, Qualcomm, Google, Amazon, IBM, Mastercard, M2, SAP, Shneider Electric, AWS, Roblox, Dubai Investments, Cordiant, DFM, Salik, Khazna ҳәм басқалар киреди.
«Future of Economy Forum» – «The Rise of New Industrial Policy» форумы сессиясында шығып сөйлеген Лазиз Қудратов мәмлекетимизге Орайлық Азияда инвестициялық хаб позициясын исенимли ийелеў, экономиканы ашыў ҳәм глобал машқалаларға қарамастан турақлы өсиўди тәмийинлеў имканиятын берген Өзбекстан раўажланыўының ҳәзирги басқышының бир қатар әмелий тәреплерин айтып өтти.
Атап айтқанда, саўда бағдарларын диверсификациялаў, регионаллық экономикалық интеграция, ЖСШға ағза болыў бойынша ҳәрекетлер, экономиканың жоқары технологиялық тармақларын, соның ишинде, қайта тикленетуғын энергия дәреклери, жасыл водород ислеп шығарыў, IT технологияларын раўажландырыў, инфраструктура ҳәм ЭЕЗлерге инвестициялар киргизиў, санлы трансформация ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы илажлар атап өтилди.
Министр сессия қатнасыўшыларының итибарын Өзбекстанда инвесторлар ушын қолайлы шараятлар жаратылғаны, сырт ел инвестициялары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери либералластырылғаны, мәмлекетлик активлерди меншиклестириў бағдарламасы қабыл етилгенлиги, санлы басқарыў ҳәм электрон мәмлекетлик хызметлер енгизилгенлиги және билимлендириў системасы жетилистирилип атырғанына қаратты.
Саммит шеңберинде Лазиз Қудратов БАӘ Ҳүкимет ислери бойынша министр Муҳаммад бин Абдуллоҳ Ал Гергавий, Экономика министри Абдулла бин Тоуқ Ал Марри, БАӘ энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл Ал Мазруий, ири регионаллық ҳәм халықаралық компаниялардың басшылары менен де ушырасыўлар өткерди. Сөйлесиўлерде өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў, биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, инновацияларды енгизиў, экономиканың тийкарғы тармақларында өндирислик байланысларды беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.
Улыўма алғанда, Бирлескен Араб Әмирликлери исбилерменлери тәрепинен Өзбекстан базарына кириўге ҳәм елимизде жумысын кеңейтиўге унамлы мүнәсибет, исеним ҳәм садықлық бар екенлиги және бир мәрте өз дәлилин тапты.