Атап айтқанда, "мәҳәлле жетилиги" жәрдеминде ҳәр бир шаңарақтың жағдайы үйренилип, жумыссызлар, кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж қатлам ўәкиллери анық мәнзилли дизим тийкарында қоллап-қуўатланбақта.

Президентимиз Олий Мажлис ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында мәҳәлле системасының жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм әҳмийетин айрықша атап өтти. Сондай-ақ, 2026-жыл "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы", деп жәрияланды. Бул баслама өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын күшейтиў, халықтың абаданлығын арттырыў жолында және бир әҳмийетли қәдем болды.

Әлбетте, мәҳәлледе ҳәр бир шаңарақтың қоллап-қуўатланыўы улыўма раўажланыўға алып келеди. Бундай өзгерислерге мысалды орайлық қалалардан баслап, алыс аўылларға шекем - барлық жерде қәлегенинше табыў мүмкин. Соның қатарда, Әмиўдәрья районы Манғыт қаласындағы Фаровон мәҳәллесинде комплексли социаллық хызмет ҳәр бир жәрдемге мүтәж шаңараққа кирип бармақта. Атап айтқанда, майыплығы болған балалар инклюзив билимлендириўге тартылмақта, олардың денсаўлығын тиклеў ушын протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитация қураллары усыныс етилмекте.

"Мәҳәлле жетилиги" үйме-үй жүрип, 2534 адамның турмыс тәризин индивидуал қатнас тийкарында үйренди. Илаж даўамында мәҳәлледе майыплығы болған 88 шахс, кем тәмийинленген 63 шаңарақ, басқалардың күтимине мүтәж ҳәм жалғыз баслы 7 пуқара бар екенлиги анықланды. Олар комплексли социаллық хызметлер менен қамтып алынды. Сондай-ақ, протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитация қуралларына мүтәж 7 адам ваучер тийкарында зәрүр үскенелер менен тәмийинленди.

Басқалардың күтимине мүтәж кекселер ҳәм майыплығы болған шахслардың күнделикли турмыс тәризин жақсылаў бойынша да тийисли илажлар көрилди. Оған бола, 6 пуқараға социаллық хызмет көрсетиўши ассистентлер бириктирилди. Кәмбағаллық реестриниң дизиминдеги 15 жәрдемге мүтәж шаңараққа үш кеўилли қәўендер бириктирилди.

- Әмиўдәря районының Бозжап аўылында 1707 шаңарақ жасайды. Дерлик 5800 адамнан ибарат халық ҳәр түрли миллетке тийисли адамлардан қуралған. Ҳәммемиз аўызбиршиликте бирден-бир халық болып, татыў жасап киятырмыз. Бозжаплылар ушын бир-бирине ийинлес болыў, өз-ара жәрдем көрсетиў әзелий қәдирият, - дейди комплексли социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер Шодурди Шаманов. - Бәринен бурын, аўылдағы өзгелердиң күтимине мүтәж, жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў илажларын көрдик. Усы категориядағы 6 пуқараның үйине барып жағдайы үйренилгеннен соң, үлгили социаллық хызмет көрсетиў жолға қойылды.

Аўылдағы майыплығы болған 124 адамға социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетилип келинбекте. Атап айтқанда, 2025-жылы 12 шахсқа протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитация техникалық қураллары алып берилди. Және 13 адам имканиятына жараса турақлы дәраматлы жумыс пенен тәмийинленди. "Сақаўат ҳәм көмек" қорының есабынан 4 пуқара емленди.

Ҳақыйқатында да аўылдағы кем тәмийинленгенлер категориясына киргизилген 78 шаңарақ турақлы итибарда. Олардың барлығына материаллық жәрдем ҳәм балалар напақасы тайынланған. Кәмбағаллық реестрине киргизилген 50 шаңарақты болса кәмбағаллықтан шығарыў бойынша ҳәким жәрдемшиси менен биргеликте зәрүр илажлар көрилмекте.

Социаллық хызметкердиң нәтийжели жумысы нәтийжесинде жәрдемге мүтәж 139 шаңараққа гүзги-қысқы мәўсим ушын бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылып, кем тәмийинленген 9 шаңарақтың перзентлери бақшаларға жеңиллетилген түрде жайластырылды.

Ҳәзир бозжаплылардың ең жақын ҳәм исенимли мәмлекетлик хызметкерине айланған Шодурды Шамановтың ҳәр бир жумыс күни аўылласларының турмысына байланыслы машқалаларды шешиў, олардың социалластырыўына жәрдемлесиў, қәлбинде турмыс сүйгишлик сезимин оятыў сыяқлы ийгиликли жумыслар менен өтеди. Мине усындай кишигирим, бирақ әҳмийетли ислер адамлардың турмысын жақсы тәрепке өзгертеди.

Мәмлекетимиз басшысының сөзи менен айтқанда, мәҳәлле тыныш ҳәм татыў болса, жәмийетимиз тыныш ҳәм аўызбиршиликли болады. Мәҳәлле раўажланса, пүткил мәмлекетимиз раўажланады.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы