Үлкен жолдың еки бойы жасыл мәканға айланбақта

    13 наурыз 2025 64

    Алдын хабар бергенимиздей, Қанлыкөл районында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеӊберинде илажлар басланып, халықаралық дәрежедеги А-380 “Гүзар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының ҳәр еки тәрепине терек нәллерин отырғызыў жумысларын әмелге асырыў ҳәрекетлери басланып кетти.

    Буннан басқа, елимиздеги экологиялық жағдайды жақсылаў, мәҳәллелер аймағын абаданластырыў, фермерлердиң атыз шетлерине нәл егиў, жеке меншик қыйтақ жерлер менен турақ жайлардың әтирапларын тәртипке келтириў бойынша илажлар да әмелге асырылмақта.

    Усы илажларға Қанлыкөл районы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими хызметкерлери де белсене қатнаспақта. Бөлим хызметкерлери тәрепинен А-380 автомагистралы бойындағы бос турған ашық майданлар нәл егиўге таярланып, төгин берилди. Сондай-ақ, ҳәр қыйлы терек ҳәм гүл нәллери егилип, абаданластырыў, көкелемзарластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.