Мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў илажлары ҳаққында мәлимлеме берилди

    Президент Шавкат Мирзиёев 8-июль күни мәҳәлледе жынаятшылықты сапластырыў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў илажларына байланыслы презентация менен танысты.

    Мәмлекетимиз басшысының жыл басындағы биринши қарары усы мәселеге қаратылған еди. 3-январьда қол қойылған бул қарарда тараў уйымлары ушын 2025-жылы ҳәр бир мәҳәлледе ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген ҳәм криминоген жағдайы аўыр мәҳәллелерге жуўапкер басшылар атпа-ат бириктирилди.

    Өткен алты айда ҳәр бир ўәлаят, район ҳәм мәҳәлле бойынша мәнзилли "жол карталары" тийкарында социаллық профилактиканың нәтийжели системасы жолға қойылды, жәмийетлик орынларды санластырыў көлеми арттырылды, ҳуқық қорғаў жоқары оқыў орынлары тәрепинен илимий-әмелий үйрениўлер өткерилди. Айрықша итибар жас өспиримлер, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ-турмыс қатнасықлары шеңбериндеги жынаятшылықты сапластырыўға қаратылды. Буның нәтийжесинде 5 мың 200 мәҳәлледе бирде-бир жынаят болмады.

    Бирақ бул бағдарда криминоген жағдай аўыр мәҳәллелер елеге шекем бар. Профилактика инспекторлары, оператив-излеў, патруль-пост ҳәм қорғаў хызметиниң жумысын күшейтип, халықтың қәўипсизлигин орынларда тәмийинлеў шәрт екенлиги атап өтилди. Пүткил системаны төменге түсирип, ҳәр бир мәҳәллени "жынаятшылықтан жырақ аймақ"қа айландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Халық, әсиресе, жаслар арасында нәшебентлик жағдайлары көп ушыраспақта. Оған қарсы гүресилип атырған, зыянлы қураллар ҳәм лабораториялар жоқ етилип атырған болса да, машқала толық сапластырылмаған. Сол себепли видеобақлаў камералары ҳәм жасалма интеллектти қолланып, нәшебентлик затлардың тарқалыўын анықлаў, дәрегин түп-тамырынан жоқ етиў керек екенлиги көрсетип өтилди.

    Бүгинги күндеги және бир әҳмийетли машқала - кибержынаятшылық. Елимизде жыл басынан берли жүз берген жынаятлардың 42 процентин усы " иллет" қураған.

    Усы жағынан, Өзбекстан Президентиниң 2025-жыл 30-апрельде қол қойылған "Мәлимлеме технологиялары жәрдеминде жүз берилетуғын жынаятларға қарсы гүресиў жумысын буннан былай да күшейтиўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды. Ондағы ўазыйпаларды толық әмелге асырып, кибержынаятлардың алдын алыў, халықтың бул бағдардағы билими ҳәм хабардарлығын күшейтиў, төлем системаларында қарыйдарлардың мәпи ҳәм финанслық қәўипсизлигин тәмийинлеў зәрүр екенлиги айтылды.

    Тараў хызметкерлериниң билим ҳәм маманлығын арттырыў - заман талабы. Сол себепли Ишки ислер министрлиги Академиясының жумысын жетилистириў нәзерде тутылған. Соның ишинде, оған қабыллаў квотасын басқышпа-басқыш арттырыў, жаңа бағдарлар ашыў ҳәм дуал билимлендириўди раўажландырыў режелестирилмекте.

    Мәмлекетимиз басшысы билимлендириў ҳәм маманлық бағдарламаларын заманагөй қәўип-қәтерлерге бейимлестириў, хызметкерлердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый таярлығын арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

    Ишки ислер системасы прокуратура ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары менен өз-ара байланыслы жумыс алып бармақта. Атап айтқанда, республикадағы криминоген жағдай күнделикли талланып, мәнзилли қадағалаў илажлары өткерилмекте. Ҳәр бир жынаяттың себеплери үйренилип, қайталанбаў илажлары көрилмекте. Бурын судланған ямаса ҳәкимшилик қадағалаўдағы адамлардың социаллық шараятларын жақсылаўға жәрдемлесилмекте.

    Ҳуқық-қорғаў уйымларының жумысының өз-ара муўапықлығы ҳәм оперативлигин күшейтип, нызам бузылыўларының тийкарғы факторларын өз ўақтында анықлаў, жынаятшылықты кескин азайтыў бойынша қосымша ўазыйпалар белгиленди. Мәмлекетимиздеги тынышлық-татыўлық ҳәм нызам үстинлиги экономиканың раўажланыўы, халықтың абаданлығының әҳмийетли шәрти екени атап өтилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates