23 Mar 2025
06:46

    Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўындағы хызметкерлер көп жыллық хызмети ушын хошаметленеди

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында басқарыў системасының нәтийжелилигин арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы Пәрманы (ПП-51-санлы, 19.03.2025 ж.) қабыл етилди.

    Пәрманға бола, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, оның системасындағы агентлик ҳәм орайлар, аймақлық ҳәм районлық (қалалық) бөлимлериниң хызметкерлерин көп жыллық хызмети ушын хошаметлеў системасы енгизиледи.

    2025-жыл 1-сентябрьден:

    • улыўма орта билим бериў шөлкемлери директоры лаўазымының базалық тариф ставкасы 20 процентке;
    • улыўма орта билим бериў шөлкемлери директорының орынбасары лаўазымының базалық тариф ставкасы 15 процентке;
    • I ҳәм II топарға кириўши мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорлары лаўазымларының базалық тариф ставкалары тийислисинше III ҳәм IV топардағы улыўма орта билимлендириў шөлкеми директорының орынбасары лаўазымының базалық тариф ставкаларына теңлестириў арқалы арттырылады.

    2026-жыл 1-январьдан улыўма орта билим бериў шөлкемлериниң директор қоры қаржылары есабынан директор ҳәм оның орынбасарларына жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлери (KPI) нәтийжеси бойынша базалық тариф ставкаларына салыстырғанда тийислисинше;

    20 ҳәм 10 процент муғдарында ҳәр айлық үстемелер белгиленеди.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech