Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 2-июньдағы 103-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған усы тәртип шеңберинде:

жаңа оқыў жылынан баслап улыўма билим бериў мектеплеринде "Дуўтар", "Миллий аяқ ойын", "Жас дәпшилер", "Сүўретлеў өнери" бағдарлары бойынша дөгереклердиң жумысы жолға қойылады.

 

Дөгереклерде оқыўшылар тереңлестирилген ҳалда ҳәптесине 2 сааттан (жәми 72 саат) оқытылады. Сондай-ақ, дөгерек ағзалары арасында түрли таңлаўлар шөлкемлестириледи ҳәм олардың арасынан қәбилетли оқыўшылар таңлап алынады.

Бул дөгереклерди шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, жаслар арасында миллий көркем өнеримизди кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм оларды келешек әўладқа мүнәсип жеткериўден ибарат.