Тәреплер усы жылдың октябрь айынан баслап ҳәптесине үш мәрте әмелге асырылыўы мөлшерленген Куала-Лумпур - Ташкент - Куала-Лумпур жөнелиси бойынша турақлы пәрўазларды жолға қойыў перспективаларын додалады. Сондай-ақ, бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм үшинши мәмлекетлерге байланыстырыўшы пәрўазларды шөлкемлестириў имканиятлары көрип шығылды.
Ушырасыў қатнасыўшылары Малайзиядан Өзбекстанға туристлер ағымын көбейтиў, атап айтқанда, "Умра+" бағдарламасы шеңберинде зыярат туризмин раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Додалаўда Өзбекстан туроператорлары ўәкиллери де қатнасты, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.
Малайзия тәрепи атап өткениндей, Өзбекстан өзиниң тарийхый мийрасы ҳәм диний дәстүрлери себепли малайзиялы туристлер арасында барған сайын көбирек қызығыўшылық оятпақта. Халқының көпшилиги мусылманлардан ибарат болған Малайзия Өзбекстанды тек ғана мәдений бағдар емес, ал зыярат етиў маршрутларының әҳмийетли бөлеги сыпатында да көрмекте.