баннер
31 Mar 2025
04:41

    Малайзия менен туризм тараўында бирге ислесиў кеңейтиледи

    Куала-Лумпурда Туризм комитетиниң баслығы Умид Шодиев Малайзияның Туризм, көркем өнер ҳәм мәденият министрлигиниң бас хаткери Раслан Абдул Раҳмон менен сөйлесиўлери болып өтти.

    Ушырасыў даўамында тәреплер туризм тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди және де тереңлестириў мәселелерин, сондай-ақ, мәмлекетлер арасындағы туристлер ағымын көбейтиў бойынша қосымша илажларды додалады.

    Атап айтқанда, малайзиялы туристлерди зыярат, мәдений ҳәм қысқы туризм бағдарлары бойынша тартыў, сондай-ақ, малайзиялылар ушын "Умра плюс" туристлик бағдарламасын әмелге асырыў имканиятлары көрип шығылды.

    Сөйлесиўлер жуўмағында туристлер ағымын көбейтиў бойынша жойбарларды биргеликте әмелге асырыў, Өзбекстанның қысқы ҳәм зыярат туризми потенциалын толық жүзеге шығарыў мақсетинде Малайзияның тийисли ассоциациялары ҳәм шөлкемлери менен бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша келисимлерге ерисилди, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech