Туризм комитети Наўрыз байрамы мүнәсибети менен ҳәптелик шеңберинде 7 жастан 30 жасқа шекемги оқыўшы, студент ҳәм жасларды республиканың дыққатқа ылайық орынларына саяхат етиўге шақырмақта.
Сондай-ақ, ҳәптелик шеңберинде республикадағы жайластырыў қураллары ҳәм аўқатланыў шақапшалары тәрепинен 20 процентке шекем шегирмелер енгизилди.
Буннан тысқары, "Вақф" қайырқомлық фонды тәрепинен 182 зыярат етиў орынлары ҳәм муқаддес орынларға бийпул саяхат етиў және музей ҳәм зыярат етиў орынларына кириў билетлери ушын 50 процентке шекем шегирмелер белгиленген.
Мағлыўмат ушын, бул ҳәптелик Президенттиң 2022-жыл 30-апрельдеги "Ишки туризм хызметлерин диверсификациялаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына муўапық өткерилип келинбекте.