Бул ҳаққында журналист Саймон Байковскийге сүйенип, “Euro-football” хабар берди.
Атап өтилиўинше, "қалалылар" басшылығы 21 жасар Өзбекстан миллий сайланды командасы футболшысын жақынласып киятырған мәўсимде қурамда сақлап қалмақшы.
Футболшы басқа қорғаўшылар менен тийкарғы қурам ушын гүресте қатнасады. Узын ҳәм тығыз календарьда Гвардиола жүдә көп ротацияларды әмелге асыратуғынын есапқа алсақ, оған жетерли ўақыт берилиўине исениў мүмкин.









