Усы жылдың 6-март күни университетте “8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни” мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларының қәбилетли студент қызлары арасында математика пәнинен “Ректор кубоги” олимпиадасы шөлкемлестирилген еди.
Усы олимпиадада жеңимпазлықты қолға киргизген студент қызларды сыйлықлаў мәресиминде университет ректоры, академик А.Реймов шығып сөйлеп, жеңимпазларды қызғын қутлықлап, келешектеги илимий жумысларында ҳәм оқыўларында табыслар тиледи. Сондай-ақ, жеңимпазларға диплом ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.
Бул олимпиада қәбилетли студент қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың илимий потенциалын арттырыў ҳәм математика пәнине болған қызығыўшылығын және де күшейтиў мақсетинде шөлкемлестирилген болып, келешекте дәстүрий түрде өткерилиўи режелестирилип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.