Қоңырат районында да каналларды ҳәм ишки салмаларды бетонлаў жумыслары әмелге асырылмақта, — деп хабар бермекте Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети.
Қоңырат районындағы «Айран жап» каналында бетонлаў жумыслары басланды.
– Быйылғы гүзги-қысқы мәўсимде кәрханамыз есабындағы хожалықлар аралық каналларды ҳәм ишки салмаларды бетонластырыў бойынша реже-графиклер ислеп шығылған, — дейди Қоңырат районы “Суў жеткериў хызмети” мәмлекетлик шөлкеминиң директоры Ш.Джадигеров. – Кеше ғана суўшылар тәрепинен «Айран жап» каналында бетонлаў жумыслары басланды.
Райондағы ишки салмаларды бетонлаў бойынша фермер хожалықлары кесиминде де режелер ислеп шығылды ҳәм жумыслар басланды. Бүгинги күнде райондағы фермер хожалықлары тәрепинен 238 метрлик узынлықтағы ишки салмалар бетонланды. Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.