Себеби қол қойылған ҳүжжетлер ҳәм олар тийкарында елимизге киргизилетуғын инвестициялар елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы ушын үлкен әҳмийетке ийе екенин жақсы билемен. Қалаберди, бул абаданлық пүткил халқымыз қатары мениң де өмириме ҳәм тәғдириме унамлы тәсир ететуғынын терең аңлайман.
Мәмлекетимиз басшысының АҚШқа бул ретки сапары шын мәнисинде тарийхый әҳмийетке ийе болды. Солай екен, сапар етиў даўамында ерисилген нәтийжелер соншелли үлкен, салмақлы, пүткил дүнья ҳәўес еткен, десек қәтелеспеймиз. Буны АҚШ Президенти Дональд Трамп та Президентимиз бенен сөйлесиў ўақтында айрықша атап өтти. Атап айтқанда, Uzbekistan Airways пенен Boeing корпорациясы арасындағы келисимге муўапық, Өзбекстан 8 миллиард доллардан аслам қаржы есабынан 22 Boeing Dreamliner 787 самолётын сатып алыўын мәлим етти. Бул АҚШта 35 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў имканиятын беретуғынын Truth Social социаллық тармағында да жазды.
Ҳақыйқатында да, Президентимиз Нью-Йоркка сапары даўамында АҚШтың жигирмадан аслам корпорация ҳәм банклериниң басшылары менен ушырасты. Сөйлесиўлерде өз-ара бирге ислесиў мәселелери ҳәм олардың келешеги додаланды. Нәтийжеде пуқаралық авиация, энергетика, инновациялар, таў-кән санааты, химия, қаржы ҳәм басқа да көплеген тараўлар бойынша шәртнамалар ҳәм перспективалы жойбарлар қәлиплестирилди.
БМШ Бас Ассамблеясының 80-юбилей сессиясының илажлары шеңберинде Президентимиз бир қатар сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары менен ушырасты. Ушырасыўларда бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.
Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының 80-юбилей сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде регионаллық ҳәм глобал әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша оғада әҳмийетли усынысларды алға қойды. Бул усыныслар халықаралық шөлкем сессиясының қатнасыўшылары тәрепинен қанаатланыўшылық пенен күтип алынды. Бир қарағанда мен келтирип атырған факт ҳәм мысаллар тәкирарланыўы мүмкин. Бирақ жоқарыда атап өткенимдей, олар келтиретуғын нәтийже бәршемиз ушын пайдалы. Соның ушын да бул ҳаққында пикир билдириўди зәрүр деп билдим. Демек, булар пүткил мәмлекетимиз халқы қатарында мени де жүдә қуўандырды. Усындай теберик жерде туўылғанымнан, усындай уллы халықтың перзенти екенимнен кеўлим мақтанышқа толды.
Орны келгенде және бир гәпти айтпақшыман: өзим АҚШтың Вебстер университетин питкергенмен. Сонлықтан, Президентимиздиң ушырасыўлары ҳәм БМШ Бас Ассамблеясы сессиясының жумысларын социаллық тармақлар арқалы үлкен қызығыўшылық пенен бақлап бардым.
Мәмлекетимиз басшысының Нью-Йоркқа сапар етиўиниң соңында АҚШта жумыс ислеп ҳәм жасап атырған ўатанласларымыз және "Эл-юрт умиди" қорының усы мәмлекеттеги абырайлы университетлерде билим алып атырған стипендиатлары менен ушырасыўын көрип, жүдә қуўандым, толқынландым. Мәмлекетимизде жас әўладқа жаратылған имканият ҳәм шараятлар себепли мыңлаған өзбек жаслары сырт мәмлекетлердиң университетлеринде оқымақта. Бир ғана АҚШта бүгин 500 ден аслам өзбек жигит-қызларының билим алып атырғаны қандай жақсы! Ашығын айтқанда, оларға ҳәўесим келди ҳәм билимлендириўдиң магистратура басқышын АҚШ университетлеринен биринде оқыўды нийет еттим.
Шаҳризода ҲАЗРАТҚУЛОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы





