Орайлық банк тийкарғы ставканы өзгериссиз қалдырды

    12 маусым 2025 1155

    Орайлық банк басқармасы 2025-жыл 12-июньда тийкарғы ставканы жыллық 14 процент дәрежесинде өзгериссиз қалдырыў ҳаққында қарар қабыл етти.

    Атап өтилиўинше, соңғы айлардағы экономикалық белсендилик ҳәм тутыныў талабының динамикалары және базалық инфляцияның өсиў тенденциясы экономикада инфляциялық басымлар сақланып қалып атырғанынан дәрек бермекте. Бул, өз гезегинде, улыўма инфляцияның май айындағы бираз төменлеўге қарамастан инфляция прогнозының траекториясынан жоқары қәлиплесиўине себеп болмақта. Бундай шараятта инфляциялық процесслерге энергия баҳалары артыўының екилемши тәсирлерин азайтыў ҳәм улыўма инфляцияның турақлы төменлеўши трендке өтиўин тәмийинлеў мақсетинде тийкарғы ставка әмелдеги дәрежесинде қалдырылды.

    Жыл басынан өсиўши трендте қәлиплесип келген улыўма инфляция дәрежеси май айында өткен жылғы энергия тарифлери арттырылыўының бирлемши тәсири шығып кетиўи есабынан төменлеп, жыллық 8,7 процентке тең болды. Халықтың ҳәм исбилерменлердиң инфляциялық күтилмелери улыўма инфляциядан жоқары дәрежеде қәлиплеспекте.

    Хызметлер инфляциясы тезлесиўи есабынан базалық инфляцияның өсиўши динамикасы даўам етип, май айында жыллық 8,5 процентке жетти. Экономикада жалпы талап жоқары болған шараятта ҳәзирги энергия баҳалары артыўының екилемши тәсирлериниң жүзеге келиўи инфляциялық басымлардың узағырақ даўам етиўине ишарат береди.

    Усы жылдың январь-май айларында экономикадағы жоқары белсендилик жалпы талаптың қәлиплесиўинде тийкарғы факторлардан бири болды. Бул саўда ҳәм төлемли хызметлерден түсимлер ҳәм трансшегаралық пул өткермелери көлемлериниң артыўы және банклераралық транзакциялар көлеми ҳәм көшпес мүлк саўдасы келисимлери санының өсиўинде көзге тасланбақта.

    Сондай-ақ, экономикаға кредит ажыратыў пәтлериниң жоқары дәрежеде сақланып қалып атырғаны ҳәм бюджет қәрежетлериниң өсиўи де экономикалық жеделликти хошаметлеўге үлес қоспақта. Бул факторлар келешекте жалпы талапты қоллап-қуўатлап, экономикадағы баҳалар дәрежесине басымды күшейтиўи мүмкин.

    Жәҳән экономикасындағы анықсызлықлар ҳәм халықаралық саўдадағы кескинликлер нәтийжесинде көп мәмлекетлерде пул-кредит шәртлери қатаңлығы узағырақ даўам етиўи күтилмекте. Соның менен бирге, соңғы айлардағы айырым азық-аўқатлар жәҳән баҳаларының өсиўи келешекте ишки баҳаларға қосымша басым жаратыў итималы бар.

    Дәстүрий экспорт товарларының биржа баҳаларының жоқары дәрежеде сақланып қалыныўы ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлерде алмасыў курсының беккемлениўи экспорт түсимлери ҳәм трансшегаралық пул өткермелериниң өсиўин қоллап-қуўатламақта. Бул, өз гезегинде, мәмлекетке сырт ел инвестицияларының ағымы артыўы менен бирге ишки валюта базарында усыныслардың турақлы қәлиплесиўине хызмет етип, келеси айларда алмасыў курсы тәрепинен инфляцияға басымлардың азайыўына үлес қосады.

    Пул-кредит шараятларының ҳәзирги қатаңлық дәрежесиниң сақланып қалыныўы келешекте кредитлеў көлеминиң өсиўиниң турақласыўы ҳәм депозитлердиң жоқары өсиў пәтлериниң даўам етиўин тәмийинлейди. Бул жалпы талапты теңлестириўши ҳәм монетар факторлардың инфляцияға тәсирин азайтыўшы әҳмийетке ийе болады.

    Жоқарыда келтирилген факторларды есапқа алып, орта мүддетли келешекте баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде Орайлық банк басқармасы тийкарғы ставканы өзгериссиз, 14 процент дәрежесинде қалдырыў ҳаққында қарар қабыл етти.

    Орайлық банк тәрепинен орта мүддетли перспективада инфляцияның 5 процентлик таргет дәрежесине шекем төменлеўине ерисиў ушын пул-кредит шараятларының жетерли дәрежеде қатаңлығы тәмийинленеди.

    Экономикадағы жалпы талап ҳәм екилемши тәсирлердиң баҳаларға асырыўшы басымлары келеси айларда күтилгенинен де күшейиўи бойынша итималлықлар ҳәм тийкарлар пайда болған жағдайда пул-кредит шараятларының қатаңлығы қайта көрип шығылыўы мүмкин.

    Тийкарғы ставканы көрип шығыў бойынша Орайлық банк басқармасының гезектеги мәжилиси 2025-жыл 24-июль күнине белгиленген.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates