Атап өтилиўинше, қабыл етилген қарар базалық инфляция көрсеткишлери ҳәм инфляция күтилгенлерин турақлы төменлеў тенденциясына қайтарыўға ҳәм орта мүддетли перспективада 5 процентлик таргетке ерисиў ушын жетерли шараят жаратыўға қаратылған.

Жаңаланған болжаўларға бола, 2025-жылдың ақырына шекем улыўма инфляция 7-8 процент әтирапында қәлиплесиўи күтилмекте.

Экономикадағы жалпы талап ҳәм баҳаларға көтериўши басымлар келеси шереклерде күтилгенинен көбирек күшейиўи бойынша итималлықлар ҳәм тийкарлар жүзеге келген жағдайда пул-кредит шәртлери қатаңлығы қайта көрип шығылыўы мүмкин.

Тийкарғы ставканы көрип шығыў бойынша Орайлық банк басқармасының гезектеги мәжилиси 2025-жыл 13-март күнине белгиленген.