Орайлық банк басқармасы инфляциялық басымлардың жоқары сақланып қалыўы, талаптың турақлы өсип барыўы ҳәм инфляциялық күтилмелердиң күшейиўи фонында пул-кредит шәртлери қатаңлығы дәрежесин арттырыўға қарар етти.
Бул қарар келеси айларда күтилип атырған инфляциялық қәўип-қәтерлерди есапқа алып, инфляциялық күтилмелерди жылаўлаў, орта мүддетли келешекте инфляция дәрежесин 5 процентлик таргетке ерисиў ушын жетерли шараятлар жаратыўға қаратылған.
2025-жылдың басынан улыўма инфляция дәрежесинде бираз өсиў бақланып, февраль айының жуўмақларына бола жыллық 10,1 процентти қурады.
Бул динамика айырым товарлар ҳәм хызметлер баҳаларының өсиўи есабынан жүзеге келди. Атап айтқанда, жанылғы баҳалары, коммунал, транспорт, билимлендириў ҳәм медициналық хызметлер тарифлериниң артыўы инфляциялық күтилмелерге де арттырыўшы тәсир көрсетти ҳәм февраль айында халықтың инфляциялық күтилмелери 15,3 процентке, исбилерменлик субъектлериниң күтилмелери болса 13,8 процентке тең болды.
Кейинги айларда хызметлер инфляциясының жоқары дәрежеде қәлиплесиўи экономикада жалпы талап факторлары, соның ишинде, трансшегаралық пул өткермелери ҳәм халыққа ажыратылған кредитлер жеделлесип атырғаны менен түсиндириледи. Бул, өз гезегинде, усақлап сатыў саўдасы айланысы ҳәм төлемли хызметлерден түсимлер динамикасында да көзге тасланбақта.
Жыл басынан тийкарғы саўда бирге ислесиўшилер валюталарының беккемлениўи тәсиринде реал нәтийжели алмасыў курсы төменлеў тенденциясын көрсетип, өзиниң орта мүддетли трендине жақынласпақта.
Экономикадағы инфляциялық процесслерди оптималластырыў және жалпы талап ҳәм усыныс арасындағы тең салмақлылықты тәмийинлеў пул-кредит шараятларының қатаңлық дәрежесин арттырыўды талап етпекте.
Жоқарыдағы факторларды есапқа алған ҳалда, Орайлық банк басқармасы орта мүддетли перспективада баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде тийкарғы ставканы 0,5 процент пунктке арттырып, жыллық 14 процент дәрежесинде белгилеў ҳаққында қарар қабыл етти.
Пул-кредит шараятларының қатаңластырылыўы улыўма талапты тең салмақлы қәлиплестириўге ҳәм баҳаларға арттырыўшы факторлардың тәсирин азайтыў арқалы келеси шереклерде инфляциялық процесслердиң белгили дәрежеде төменлеўине хызмет етип, жыл жуўмағы бойынша улыўма инфляцияны 7-8 процентке шекем төменлетиўине тийкар жаратады.
Орайлық банк орта мүддетли келешекте инфляцияның 5 процентлик мақсетли дәрежесине шекем төменлеўин тәмийинлеў мақсетинде пул-кредит шараятларын жетерли дәрежеде қатаң қәлиплестириўди даўам еттиреди.
Экономикадағы жалпы талап ҳәм баҳаларға асырыўшы басымлар келеси шереклерде күтилгенинен де күшейиўи бойынша итималлықлар ҳәм тийкарлар пайда болған жағдайда пул-кредит шараятларының қатаңлығы қайта көрип шығылады.
Тийкарғы ставканы көрип шығыў бойынша Орайлық банк басқармасының гезектеги мәжилиси 2025-жыл 24-апрель күнине белгиленген.