Бул ҳаққында Орайлық банк баспасөз хызмети хабар берди.
Регулятордың Finlit.uz порталы халықтың финанслық саўатлылығын ҳәм ғалабалығын арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген. Портал кредит бериў, аманат қабыл етиў, төлемлерди әмелге асырыў, төлемли финанслық мәсләҳәтлер бериў менен шуғылланбайды.
"Орайлық банк тәрепинен шөлкемлестирилген финанслық саўатлылықты арттырыўға байланыслы оқыў сабақлары, семинар-тренинг, шеберлик сабақлары ҳәм Finlit.uz дың барлық жойбарлары пүткиллей бийпул есапланады", - делинеди хабарда.
Мәлим етилиўинше, бул платформа атынан сизге финанслық хызметлерди усыныс етип жазған барлық аккаунтлар алдаўшыларға тийисли.