Бир жыл даўамында қыйыншылықты көрип, машақат ҳәм сынақларда пискен елимиздиң мәрт уллары үйлерине жарқын жүз бенен қайтыўы алдында, олар менен әскерий округ әскерлери сәркардасы полковник Р.Рахмонов ушырасып, сәўбетлести.
Нөкис гарнизонындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының мәжилислер залында қызғын сәўбетлесиў тәризинде болып өткен ушырасыўда сәркарда бир жыл мүддет ишинде руўхый ҳәм физикалық жақтан шыныққан жасларға келешеги ушын керек болатуғын ақыл-нәсиятларын берип, Ўатан қорғаўшысы болыў сыяқлы жуўапкершиликли ўазыйпа ҳәммеге де несип ете бермейтуғынын атап өтти.
Атап өтилгениндей, әзелден шаңарақта ул перзент дүньяға келсе, сақшы, қорғаўшы, әскер туўылды деп өзгеше қуўанады. Бүгин де ул перзентке шаңарақ таянышы, әўлад келешеги, ел қорғаўшысы сыпатында қаралады, келешекке жақсы нийетлер менен қарайды. Ул бала ержеткенде, ата-ана оның үлкен өмирге дәслепки қәдемин әскерий мектептен баслаўын әрман етеди.
Мине, бир жыл да өтип кетти. Өткен жылы мүддетли әскерий хызметке шақырылған өспиримлер бүгин ата-аналарының дийдарына ер жигит болып, үйлерине жарқын жүз бенен қайтпақта. Бир жыл үлкен мүддет болмаса да, қысқа пурсат жигитлерди әдеўир шынықтырды, еркин болыўға ийтермеледи. Олардың дүньяқарасын кеңейтти, жәмәәт болып жасаўға, дослық байланысларын сақлаўға, Ўатанға хызмет етиўге, ата-ананы қәдирлеўге үйретти. Аўа, армия бул турмыс мектеби. Ол инсанды руўхый ҳәм физикалық жақтан шынықтырады, үлкен өмирге таярлайды.
“Өмир мектеби”нде шыныққан жаслар менен сәркарданың сәўбетлесиўи қызғын руўхта, еркин пикирлесиў ҳәм көтериңки кейпиятта болып өтти. Әскерий турмыс жолы бай тәжирийбеден ибарат болған сәркарданың шығып сөйлеген сөзи ибрат мектебин өткен жаслар ушын келешекте жетик инсан болып мәмлекетимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосыўға шақырды. Кәсип-өнер үйрениўге, қайсы тараўда болмасын, өз исиниң шебер устасы дәрежесине шекем көтерилиўге руўхландырды. Елимиз абаданлығы, келешеги ушын жуўапкершилик пенен қатнас жасаўға, бүгини ҳәм ертеңги күни ушын жанкүйер, пидайы болыўға шақырды. Халқының ҳәм мәмлекеттиң мәплери жолында бел байлаўға, оқып излениўине, раўажланыўымызға үлес қосыўына, жоқары шеклерди ийелеўине исеним билдирилди.
Сәўбетлесиў даўамында сәркарда үлгили хызмети, командирлер тәрепинен қойылған ўазыйпаларды орынлаўдағы жуўапкершилиги, елимиздиң ең алыс Арқа-Батыс аймақларын қорғаўда жоқары жаўынгерлик таярлығы ушын әскерлерге өзиниң миннетдаршылығын билдирди.
Әскерий бөлимлерде алып барылған жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлық сабақларында, сондай-ақ, спорт ҳәм мәдений илажларда белсене қатнасқаны ушын оларға әскерий округ атынан рахмет айтты. Бүгин Жаңа Өзбекстанды қурып атырған мийнеткеш халқымызға, Президентимизге ийинлес болыў, елимиздиң абаданлығы жолында хызмет етиў ең жоқары мақтаныш екенин түсиндирди. Ўатанға антына садық қалыўға, бәрқулла ел тәғдири ушын жанып жасаў кереклигин ескертти.
Салтанатлы илаж даўамында 400 ге шамалас мүддетли әскерий хызметкерлерге жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўде қосымша балл беретуғын әскерий бөлим сәркардалығының жеңиллетилген усыныснамалары тапсырылды.
Өткен жылғы көрсеткиште жәми 45 жигит армия қатарларында хызметти даўам еттириў тилегин билдирген болса, быйылғы мәўсимде мүддетли әскерий хызметти өтеў дәўиринде келешектеги өмирин әскерий хызмет пенен тығыз байланыстырып, келешекте контракт бойынша әскерий хызметти даўам еттириў тилегин билдиргенлер саны 106 ға жетти. Бул нәрсе жаслар арасында әскерий кәсиптиң абырайы артып атырғанынан, мақтанышлы тараўға қызығыўшылық көбейгенинен дерек береди.
Илажға қатнасқан мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери армия қатарларын тәрк етип атырған жаслар арқалы олардың ата-аналарына өз миннетдаршылығын билдирип, олардың жарқын жүз бенен үйге қайтыўын тиледи. Келешектеги өмирине ақыл-нәсият берип, журт тәғдири ушын пидайы болыўға шақырды.
Нөкис гарнизоны әскерий оркестри ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен көрсетилген концерт бағдарламасы бәршеге көтериңки кейпият бағышлады.
Буннан соң жаслар Қорғаныў министрлигиниң буйыртпасы тийкарында “Өзбекстан темир жоллары” АЖ тәрепинен усыныс етилген арнаўлы әскерий эшалонда әскерий оркестр сазлары астында үйлерине жол алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.