Кейинги ўақытларда Өзбекстан да бәсекиге шыдамлы баҳалары, заман талабына сай клиникалары, медициналық емлеўлердиң сапасы, жоқары тәжирийбели қәнигелери менен туристлер ушын тартымлы мәнзилге айланбақта.

Туризм комитетиниң мағлыўматларына бола, 2024-жылы Өзбекстанға емлениў мақсетинде 110 мыңға шамалас сырт елли турист келген ҳәм медициналық туризм экспорты 174 миллион АҚШ долларын қураған. Бул көрсеткиш 2023-жылдағыдан 40 процентке артқан.

Бүгинги күнде медициналық хызметлерден пайдаланыў мақсетинде келип атырған сырт еллилердиң 80 проценти қоңсы мәмлекетлердиң үлесине туўра келеди. Атап айтқанда, Термиздеги Айритам шегара постына тутас аймақта шөлкемлестирилген заманагөй медицина комплексинде Аўғанстан ҳәм Тәжикстан пуқаралары емленбекте. Туристлердиң тийкарғы бөлеги аўыр түрдеги хирургиялық операциялар, кардиология, урология, қантлы диабет ҳәм басқа да түрдеги кеселликлерден емлениў мақсетинде елимизге келмекте.

Туристлерди қабыл ететуғын республикалық медицина орайлары, жеке меншик медицина мәкемелери, илимий-изертлеў институтларының клиникалары тәрепинен түрли медициналық емлеўлер усыныс етилмекте. Хызметлер шеңбери кең: стоматология, пластикалық хирургия, кардиология, ортопедия, реабилитация, толық медициналық тексериўлер, лабораториялық анализлер ҳәм визуал диагностика...

- Республикалық қәнигелестирилген травматология ҳәм ортопедия илимий-әмелий медицина орайына 2024-жылы 2824 сырт ел пуқарасы мүрәжат еткен болса, усы жылдың бес айында 1196 сырт елли наўқас емлениў ушын орайға мүрәжат етти, - дейди орай директорының орынбасары, медицина илимлериниң докторы Файзулла Умаров. - Буннан да жоқары көрсеткишлерди қамтып алыўға потенциалымыз жетеди. Ҳәзирги ўақытта медициналық туризмди раўажландырыўға бағышланған халықаралық ҳәм республикалық көргизбелерде белсене қатнасып, жоқары технологиялық операциялар, бөлимлерди үскенелеў және диагностика, реабилитация имканиятларын көрсетпектемиз.

Наўқаслардың көпшилиги Орайлық Азия мәмлекетлеринен келеди, бул болса бизде травматология ҳәм ортопедия хызмети жоқары дәрежеде екенин көрсетеди.

— Қазақстанның Шымкент қаласынан келдим, - дейди Дилноза Рўзметова. - Еки жыл бурын аяғымнан жарақат алған едим. Сонда гипс қылдырмағанман. Сол-сол аўырып жүрди. Бул медицина орайы ҳаққында еситип, мүрәжат еткенимде плоскостопия ҳәм буўын жабысыўы диагнозын қойды. Жоқары тәжирийбели шыпакерлердиң дурыс ҳәм анық диагнозы, мәсләҳәти, жаратылған шараятларды көрип, усы жерде операция өткериўди мақул көрдим. Операция жақсы өтти, ҳәзир жағдайым жақсы.

Бундай мысалларды және келтириў мүмкин. Саяхат қызықлы ўақыяларды өз ишине алған болса да, айырым жағдайларда денсаўлық пенен байланыслы машқалаларға дус келиўди де бийкарлап болмайды. Зәрүр медициналық жәрдем тез ҳәм сапалы көрсетилиўи туристлердиң мәмлекетке исенимин арттырады. Орайда мине усы тәреплерге итибар қаратылған.

— Бул бағдарда көрсетилген қәнигели хызмет тек ғана саламатлықты жақсылап қоймастан, ал мәмлекеттиң туристлик абырайын да жоқары дәрежеге алып шығады, - дейди Файзулла Умаров.

"Авиценна" реклама бренди

Коронавирус пандемиясы инсанлардың денсаўлығына из қалдырғанын бийкарлай алмаймыз. Қалаберди, экологиялық ҳәм басқа да себеплерден келип шығып атырған жаңа кеселликлер медициналық хызметлерге зәрүрликти арттырмақта. Бул болса хызметлердиң сапасын буннан былай да жақсылаў, тараўға ең алдынғы тәжирийбелерди енгизиў зәрүрлигин жүзеге келтирмекте.

Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 23-сентябрьдеги "Өзбекстан Республикасында медициналық ҳәм саламатландырыў туризмин буннан былай да раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарында "Медициналық хызметлер миймандослығы" ("Medical service hospitality") бағдарламасын әмелге асырыў нәзерде тутылған. Қарарға бола, "Авиценна" атамасы астында Өзбекстанның медициналық ҳәм саламатландырыў туризми бренди ислеп шығылып, сырт еллерде үгит-нәсиятлаў компаниялары жолға қойылмақта. Бул бренд шеңберинде санаторий ҳәм клиникалардың жумысы мониторинг етиледи.

Ҳәзирги ўақытта категориялы (жулдызлы) мийманханалар типиндеги санаторийларға "бес жулдызлы" категориясы берилмекте. Мысал ушын, Ташкент ўәлаятында жайласқан “Tashthermal”, “Тошминералсув” санаториялары усылардың қатарына киреди.

Халықаралық бирге ислесиў әҳмийетли

Халықаралық бәсекиге шыдамлылықты арттырыў, медициналық туризм бойынша улыўма бағдарлама ҳәм стратегияларды биргеликте ислеп шығыў шөлкемлер арасында беккем интеграция ҳәм қарым-қатнасты талап етеди. Мәмлекет, жеке меншик сектор, халықаралық бирге ислесиўшилер, илимий жәмәәтлер бирлесип ислесе, медициналық туризм секторы раўажланып, үлкен экономикалық ҳәм социаллық пайда келтиреди. Усы мақсетте 2024-жыл декабрь айында усы бағдарда жумыс алып баратуғын 16 исбилерменлик субъектиниң қатнасыўында Беларустың ири медицина ҳәм санаторий-курорт объектлерине инфотур шөлкемлестирилди.

2025-жылдың февраль айында Словакия менен бирге ислесиў жумыслары басланды. Словакияның "Бойнице", "Нимница", "Штос" сыяқлы курорт зоналары және "Словенский рай", "Пийенап", "Полонини" сыяқлы миллий бағларда шөлкемлестирилген саламатландырыў бағдарында тәжирийбе алмасылмақта. Усы мақсетте еки мәмлекеттиң туристлик шөлкемлери биргеликте ислеп, елимизге туристлерди жедел тартыў режелестирилген.

- Туристлер елимиздеги бар медицина ҳәм саламатландырыў мәкемелери ҳаққында тез мағлыўматқа ийе болыўы ушын Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде медицина ҳәм саламатландырыў мәкемелериниң бирден-бир реестри қәлиплестирилди. Усы реестрге киргизилген медицина мәкемелериниң хызметлери туристлердиң пикирлери тийкарында баҳаланып барылмақта.

Медицина мәкемелери, санаторий, пансионатлар ҳәм медициналық туризм бағдарында хызмет көрсетиўши туроператорлардың хызметлериниң сапасын баҳалаўшы электрон платформа ислеп шығылды ҳәм сынақ тәризинде иске қосылды.

Өзге мәмлекетке жол алып баратырған саяхатшы, дәслеп, интернеттен сол мәмлекет ҳаққында мағлыўмат излейди. Сырт ел аудиториясының мәмлекет усынып атырған имканиятлардан хабардарлық дәрежесин арттырыў жүдә әҳмийетли.

- Быйыл Мадрид, Лион, Нью-Йорк, Дели, Будапешт, Берлин, Москва, Минск, Дубай, Гуанчжоу қалаларында өткерилген халықаралық туризм көргизбе ҳәм ярмаркаларында мәмлекетимиздиң туризм потенциалы, соның ишинде, медициналық туризм имканиятлары үгит-нәсиятланды, - дейди Туризм комитетиниң жуўаплы хызметкери Дастан Мўминжонов. - Россияның "Первий канал" телеканалында Бухарада медициналық туризм тараўындағы жумыслар көрсетип берилди. Уллы Британияның “London post” жаңалықлар порталында болса Сурхандәрья ўәлаятының Сангардак сарқырамасы ҳәм Аманхана аўылына бағышланған мақала жәрияланды.

Ислениўи зәрүр болған жумыслар көп

Медициналық туризмниң раўажланыўы басқа да тараўлардың раўажланыўына унамлы тәсир көрсетеди. Яғный емлениў ушын келген турист мәмлекетте белгили бир ўақыт қалады, бул болса мийманхана хызметлери, ресторанларға талапты хошаметлейди. Туристлер емлениў менен бирге, қызықлы экскурсия бағдарламаларынан заўықланыўы, Өзбекстанның бай мәдений ҳәм тарийхый мийрасы менен танысыўы сөзсиз.

Жеке меншик сектор бағдарды жеделлестириўде әҳмийетли орын ийелемекте. Медициналық туризм инфраструктурасы кеңеймекте.

- Бирақ алдында ислениўи керек болған жумыслар да көп, - дейди Дастан Мўминжонов. - Мәмлекетте сырт елли наўқасларды қабыл етиўге байланыслы хызметлердиң сапасын арттырыў, соның ишинде, көп тилли хызметлерди енгизиў, транспорт инфраструктурасын жақсылаў ҳәм туристлер ушын қосымша жеңилликлер жаратыў зәрүр.

Өзбекстанда медициналық туризм перспективалы ҳәм жедел раўажланып атырған тараў, ол тек ғана мәмлекеттиң экономикалық өсиўине үлес қосып қоймастан, ал халықаралық майдандағы имиджин унамлы қәлиплестиреди.

Емлениўди мәдений танысыў менен бирлестирген комплексли усыныслар сырт елли наўқаслар ушын тартымлылыққа ийе болатуғыны сөзсиз. Мәмлекетимизде буның ушын барлық имканиятлар бар. Дүньяда жедел раўажланып атырған бул тараўда күшли позицияны ийелеў тек ғана экономикалық өсиўге емес, ал халыққа медициналық жәрдем көрсетиў дәрежесин сезилерли дәрежеде жақсылаўға да хызмет етеди.

 

Рисолат МАДИЕВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы