Мийнет миграциясы тараўындағы ўазыйпалар ҳәм режелер таныстырылды

    18-ноябрь күни Президент Шавкат Мирзиёевқа сыртқы мийнет миграциясы системасын жетилистириў ҳәм миграция процесслерин халықаралық стандартлар тийкарында шөлкемлестириў бойынша мәлимлеме берилди.

    Соңғы жыллары елимизде пуқараларды шет елде шөлкемлескен ҳалда жумыс пенен тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған системалы жумыслар нәтийжесинде мийнет базары диверсификацияланып, пуқаралар тийкарынан жоқары дәраматлы жумыс орынлары ушын сырт елге бармақта. Нәтийжеде сырт елде жумыс ислеп атырған пуқаралардың саны 2016-жылға салыстырғанда азайғанына қарамастан, олар тәрепинен жиберилген пул қаржыларының көлеми 3,8 миллиард доллардан 2025-жылдың он айының жуўмағы бойынша 15,8 миллиард долларға жетти.

    Презентацияда халықаралық мийнет базарында маман қәнигелерге талап жоқары екени атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта 140 мың қәниге ушын буйыртпалар қәлиплестирилген болса да, тил ҳәм кәсип бойынша талапқа жуўап беретуғын хызметкерлерди таярлаў бойынша еле көп жумыс ислеў керек. Буннан тысқары, мийнет миграциясы хызметлериниң тарқалып кетиўи себепли пуқаралар ҳәр қыйлы қолайсызлықларға дус келиўине туўра келмекте.

    Усы мақсетте тараўдағы хызметлерди тәртипке салыў, барлық процесслерди "бир айна" принципи тийкарында бирлестириў ўазыйпасы қойылды.

    Ташкент қаласының Учтепа районында "Сырт елде мийнетке таярлаў орайы," Термиз қаласында миграция хызметлериниң бирден-бир орайы шөлкемлестириледи. Пайтахтымыздың Яшнабад районында халықаралық компаниялар менен бирге немис ҳәм япон тиллери мектеплери ашылады.

    Кейинги жылларда Европа мәмлекетлерине миграция ағымы 4 есеге артқаны атап өтилди. Бул жерде мийнет етип атырған пуқаралардың ҳуқықый жақтан қорғалыўын күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта бир қатар Европа мәмлекетлери менен мийнет миграциясы бойынша келисимлер жоқ. Президент бул бағдарда ҳүкиметлераралық ҳүжжетлерди ислеп шығыўды жеделлестириў бойынша тапсырма берди.

    Сондай-ақ, мийнет миграциясы мәселелери бойынша атташе ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлигиниң сырт елдеги ўәкилханаларының санын көбейтиў, елимиз аймақларында виза орайларының мобил офислерин ашыў режелестирилген.

    Презентацияда миграция хызметлерин санластырыў мәселеси де көрип шығылды.

    "Хорижда иш" платформасында 25 түрдеги хызметлер көрсетилип, усы жылдың өткен дәўиринде 524 мың пуқара онлайн хызметлерден пайдаланған. Бирақ, барлық хызметлер де санластырылмаған.

    Президентимиз системаға жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы хызмет көрсетиў процесслерин буннан былай да жетилистириў зәрүрлигин атап өтти. Платформада биометрикалық идентификация, сырт елдеги бос жумыс орынларын реал ўақыт режиминде мониторинг етиў ҳәм пуқараларға аралықтан мәсләҳәт бериў хызметлерин енгизиў режелери ҳаққында мағлыўмат берилди. Миграция агентлигинде пуқараларға күни-түни жедел жәрдем көрсететуғын ситуациялық орай шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

    Нызамсыз миграция ҳәм консалтинг хызметлерин көрсетиўде алдаўшылық жағдайлары көбейип атырғаны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен мийнет мигрантларының ҳуқықый саўатлылығын арттырыў мақсетинде халықаралық аэропортларда миграция мәселелери бойынша интерактив инфокиоскалар шөлкемлестириў, сондай-ақ, лицензиясыз жумыс алып барып атырған консалтинг шөлкемлери ушын жәрийма муғдарын арттырыў усыныс етилди. Нызамсыз миграцияны шөлкемлестириў ҳәм оған жәрдем бергени ушын Жынаят кодексине жуўапкершилик киргизиў мәселесин үйрениў тапсырылды.

    Мәмлекетимиз басшысы билдирилген усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге мийнет миграциясы процесслериниң қолайлығы, қәўипсизлиги ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў бойынша қосымша тапсырмалар берди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates