Транспорт министрлигиниң мәлим етиўинше, поезддың жолға қойылыўы жолаўшы тасыўдың сапасын ҳәм қолайлылығын арттырыўға хызмет етеди.

Электропоезд 6 вагоннан ибарат болып, 415 жолаўшыға мөлшерленген. Ҳәрекеттиң максимал тезлиги 160 км/саат.

Жолаўшылар ушын заманагөй "Эконом" класслы орынлар шөлкемлестирилген. Ҳәр бир орынлықта мобиль қурылмаларды қуўатландырыў ушын USB- жалғаўшы орнатылған. Сондай-ақ, вагонларда климатты қадағалаў системасы орнатылған болып, жолда қолайлы температура болыўын тәмийинлейди.

Буннан тысқары, имканияты шекленген жолаўшылар ушын арнаўлы орынлар да нәзерде тутылған.

Ҳәрекет кестеси

№ 70:55 "Үргенш - Хийўа аэровокзалы":

Үргенш аеровокзалы - 08:40

Үргенш - 08:59-09:02

Хийўа - 09:22

№ 7058 "Хийўа - Үргениш аэровокзалы":

Хийўа - 21:00.

Үргенш - 21:20-21:23

Үргенш аеровокзалы - 21:42

Билет баҳасы:

үлкенлер ушын - 25 000 сум;

балалар ушын - 14 000 сум;

Билетлерди eticket.railway.uz электрон платформасы арқалы онлайн сатып алыў мүмкин.