Мектеплердеги «Заманагөй басшы»лар анықланды

    Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайы тәрепинен улыўма орта билим бериў мектеплери директорларының орынбасарлары арасында өткерилген «Заманагөй басшы» таңлаўы өз жуўмағына жетти.

    Таңлаў процесинде қатнасыўшылар заманагөй басшылық көнликпелери, машқалалы жағдайларды шешиўдеги көзқараслары, жәмәәт пенен нәтийжели ислесиў қәбилети ҳәм билимлендириў процесин басқарыўда инновациялық көзқарасларға таярлық дәрежеси бойынша баҳаланды.

    Таңлаў нәтийжелерине бола, таңлаўда белсене қатнасып, жоқары нәтийжелерди көрсеткен қатнасыўшылар Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайы тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

    Таңлаў нәтийжелерине бола мектеп директорлары орынбасарларынан Нөкис қаласындағы 16-мектептен Шайдахан Джумагулова «Лидер басқарыўшы директор орынбасары», Хожели районындағы 35-мектептен Гоззалхан Ерниязова «Жуўапкер директор орынбасары», Кегейли районындағы 5-мектептен Роза Қалимбетова «Креатив директор орынбасары», Елликқала районындағы 29-мектептен Анвар Урунов «Талантлы директор орынбасары», Қоңырат районындағы 34-мектептен Дәнегул Боранова «Талапшаң директор орынбасары» бағдарлары бойынша жеңимпаз болды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates