Ҳәзирги ўақытта процесс қалай өтип атырғаны, жойбарды өткериў тәртиби, әҳмийети ҳаққында Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң қәнигеси Улуғбек Чориев берген мағлыўматлар тийкарында толығырақ түсиникке ийе болдық.
"Мениң мектебим" - улыўма билим бериў мәкемелерин раўажландырыў, оқыўшылардың усыныс ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған ашық жойбар болып, онда қатнасыўшылар мектеп инфраструктурасы, билимлендириў сапасы ҳәм орталығын, дем алыў шараятларын жақсылаўға қаратылған идеялары менен қатнасады. Яғный 5-класстан 11-классқа шекемги ҳәр бир оқыўшы өзи билим алып атырған улыўма билим бериў мектебине байланыслы жойбарларды алға қойыўы ҳәм усы жойбарларға даўыс бериўи мүмкин. Ең әҳмийетли, инновациялық ҳәм әмелге асырыўға таяр усыныслар хошаметленеди. Мақсет - мектеплерди заман талаплары тийкарында модернизациялаў ҳәм оқыўшыларды белсенди қатнасыўшы сыпатында тартыў. Ҳәр бир мектепте кеминде бир жойбар жеңимпаз деп табылады. Баҳасына қарап, еки ямаса оннан артық жойбар да жеңимпаз болыўы мүмкин. 2025-жылдың 22-октябринен баслап 2025/2026-оқыў жылы шеңберинде "Мениң мектебим" жойбарының биринши басқышына старт берилген. Бул басқышта 1, 2 ҳәм 4-категорияға киргизилген 112 райондағы 4 987 мектеп қатнасты. Өткен жылы 15-декабрьден баслап болса жойбардың 2-басқышына кирисилди. Бул басқышта 3 ҳәм 5-категорияға киргизилген 96 райондағы 5 104 мектеп қатнаспақта. Бул процессте Экономика ҳәм қаржы министрлиги және Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен белсенди оқыўшыларды хошаметлеў мақсетинде "Ең қызықлы жойбар" таңлаўы өткерилетуғыны жәрияланды. Таңлаў 10 "Ең қызықлы жойбар", социаллық тармақларда жарытылған 10 "Ең жақсы видеоролик" бағдарларында шөлкемлестирилетуғыны мәлим етилди. Бунда қәлеген 5-11-класс оқыўшысы өзиниң социаллық тармақлардағы бетине #meningmaktabim ҳештеги астында видеоролик жайластырыўы ҳәм оған қосымша қалдырыўы мүмкин. Видеороликлер арасынан ең көп мақулланғаны таңлап алынып, белсенди қатнасыўшылар арнаўлы саўғалар менен сыйлықланыўы мақсет етилген.
Процессте қалай қатнасады?
Жойбарларын “Openbudget.uz” порталына киргизбекши болған оқыўшылар класс басшыларының жәрдеминде өзиниң телефон, планшет қурылмалары ямаса мектеп компьютерлеринен пайдаланады. Мектеп басшылары оларға зәрүр шараят жаратып береди. Жойбарлар порталдағы "Мениң мектебим" бөлими арқалы киргизиледи. Порталдан пайдаланыў ушын ҳәр бир оқыўшыға автомат түрде "гилт сөзлер" қәлиплестириледи. Гилт сөзлер оқыўшылардың ата-аналарының телефон номерлерине СМС хабар арқалы жибериледи. Экономика ҳәм қаржы министрлиги жақында “Openbudget.uz” порталында "Мениң мектебим" жойбары даўыс бериў процесслеринде ата-аналарының “E-Maktab” системасына жалғанған номери өзгерген ямаса СМС келмей атырған оқыўшылар ушын "Қайта гилт сөз жибериў" ҳәм "Телефон номерин қайта жалғаў" функциялары иске қосылғанын мәлим етти. Бул даўыс бериў процесинде жүзеге келетуғын машқалаларға шешим болады, деп ойлаймыз.
Класс басшылары ҳәр бир оқыўшыға өзиниң арнаўлы "гилт сөзлерин" сыр сақлаўы ҳәм үшинши шахсларға бермеўи ҳаққында түсиндириў бериўи керек.
Оқыўшылар өз жойбарларын автомат түрде - жойбар үлгилери арасынан өзине унаған жойбарды таңлаў ҳәм өз бетинше - усынылған жойбар үлгилери арасында жоқ болған жойбарларды жаңадан қәлиплестириў арқалы алға қойыўы мүмкин. Өз бетинше жойбар қәлиплестирген оқыўшы жойбардың мазмунын, ерисилетуғын нәтийжени ҳәм де оның дәслепки баҳасын көрсетиўи керек. Усы мәнисте де усы таңлаў оқыўшылар арасында "Мениң мектебим" жойбарының ғалаба ен жайдырыўына хызмет етиўи ҳәм олардың өз-ара пикирлесиў ҳәм дөретиўшилик бирге ислесиў платформасына айланыўы мүмкин.
Белсендилик мәпдарлыққа хызмет етеди
2-басқыш шеңберинде 15-24-декабрь күнлери қәлиплестирилген жойбарлар 25-декабрь - 10-январь күнлери сайлап алынды. 11-20-январь күнлери даўыс бериў басқышлары өткерилиўи режелестирилген. Процесс 20-январь күни де толық даўам етеди.
Айтып өтиў орынлы, ҳәр бир оқыўшы тек бир мәрте даўыс бериўи мүмкин. Усыныслар оқыўшылар даўысына қарап баҳаланады. Жойбар жеңимпаз деп табылыўы ушын ол кеминде 10 даўыс жыйнаўы керек. 5-класстан 11-класқа шекемги ҳәр бир оқыўшы өзи билим алып атырған улыўма билим бериў мектеплерин үскенелеў ямаса қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыўға байланыслы жойбарларды алға қойыў арқалы мектебин сүйетуғынын әмелде көрсетип, оның заманагөй көриниске ийе болыўына үлес қосады. Усы жерде 2024/2025-оқыў жылы ушын дәслепки жойбарда, жаңалық болыўына қарамастан, оқыўшылардың белсене қатнасқаны қуўанышлы. Олар тәрепинен жәми 19 мың 545 жойбар келип түсти. Ташкент қаласы Шайхонтоҳур районындағы 13-улыўма билим бериў мектеби мысалында айтатуғын болсақ, мектеп оқыўшылары тәрепинен алға қойылған 174 жойбардың ишинен мектепке радиоузел тармағын орнатыў (59 даўыс), интерактив сенсорлы панель (30 даўыс), китапхана ушын жумсақ қапламалы орынлықларды сатып алыў (28) жойбарлары жеңимпаз деп табылды.
Жоқарыда айтқанымыздай, баҳасына бола, бир мектептен еки ямаса оннан артық жойбар жеңимпаз болыўы мүмкин. Усы мәниде жойбар көплеген мектеплеримизде ертеңги күнимиз ийелериниң әрманына сәйкес шараятлар жаратылыўына хызмет етеди. Ҳәр тәреплеме шараят болған орталықта болса нәтийжелилик анық сезиледи. Жойбар мыңлаған мектеп оқыўшыларының ертеңги күнге үмитин арттырып, билимлендириў системасындағы жаңаланыўлардан мәпдар болыўына хызмет етеди, деп үмит етемиз.
Муножат МУМИНОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы