Меннен кеткенше, ийесине жеткенше

    Жаңа система бундай ислеўге жол қоймайды

    Садриддин бир ўақытлары үлгили жойбарлар тийкарында салынған жай сатып алған еди. Бул пүткил шаңарақ ағзаларын қуўандырған еди. Себеби олар усы ўақытқа шекем көп қабатлы жайда, еки бөлмели квартирада ата-анасы менен жасап атырған еди.

    Үй 12 сотих екен. Ағам қыйтақ жерде шуғылланады, улларым таўық, қой бағыйды, деген нийетте жаңа үйге көшип келген Садриддиниң кеўли бузылды. Себеби, үй сапасыз қурылған еди. Бөлмелер арасындағы дийўаллар жүдә жуқа. Полдың бул тәрепин бассаң, екинши тәрепи көтерилип кетеди. Қысқасы, үй "меннен кеткенше, ийесине жеткенше" түринде тикленген.

    Садриддин үйди 3-4 айға шекем қабыл етпеймен, деп жүрди. Бәрибир болмады. Қурылыс фирмасы насазлықларды сапластырмады. Уста шақыртып, кредитке алынған жайды қайтадан ремонтлатыўдан басқа илажы қалмады. Усталар да жайдың үштен бир баҳасына оңлады. Алдында болса 15 жыл турақ жайдың кредитин төлеў керек.

    Бул машқала тек Садриддинде емес, сол ўақытлары жаңа үй алғанлардың көпшилигинде болғаны рас. Себеби қурылыс қадағалаўы төмен еди. Қурылыс фирмасы да соған жараса ислейтуғын еди. Ортада әпиўайы халық жәбир көретуғын еди.

    Усы жерде халық арасында жүрген бир гүрриң есиме түсти.

    ...Көп жыллардан берли қурылыс тараўында ислеп келген қәнигеге ең соңғы қурылыс объекти тапсырылады. Қурылыс басшылары "Усы объектти қанша тез питкерсеңиз, пенсияға сонша тез шығасыз", деп тапсырма береди. Қәниге объектти мүддетинен алдын қурып питкереди. Қурылыс компаниясы салтанатлы түрде бул үйдиң гилтин оның өзине саўға сыпатында тапсырады. Жуўмағы өзиңизге мәлим...

    Бул жағдайларды не ушын еслеп атырмыз? Гәп сонда, соңғы жыллары мәмлекетимизде болып атырған реформалардан бири әйне турақ жай қурыў, сатыў ҳәм сатып алыў системасын жетилистириўге қаратылған. Қала ҳәм район орайларында заманагөй, қолайлы көп қабатлы жайлардан ибарат, өзине тән инфраструктураға ийе киши қалашалар, "Жаңа Өзбекстан" массивлери пайда болмақта.

    Сондай-ақ, төмен процентли ипотека кредитлери енгизилип, халықтың екилемши базарда турақ жай сатып алыў имканияты арттырылмақта. Ең тийкарғысы, кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға турақлы түрде субсидиялар ажыратылып, бирлемши талапларын қанаатландырыўына шараят жаратылмақта.

    Жақында Президентимиздиң басшылығында ипотека бағдарламасы шеңберинде 2024-жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жыл ушын режелерди додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде усы жылы көп қабатлы турақ жайлар қурылысында сан ҳәм сапа жағынан жаңа шеклердиң қолға киргизилетуғыны атап өтилди. Атап айтқанда, 2025-жылы 120 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы режелестирилмекте. Сондай-ақ, пүткиллей жаңаша, заманагөй көриниске ийе, шараятқа ийе, "жасыл" энергия тәмийнатына жалғанған 15 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайларды қурыў, ески турақ жайларды реновация тийкарында жаңалаў мәселесине де айрықша итибар қаратылмақта.

    Енди жаңа механизмлер арқалы ҳақыйқый қурылысшыларға жеңиллик көбейип, алдаўшылар болса тараўды тәрк етеди. Қурылыс тараўындағы қатнасықлар мәмлекеттиң толық қадағалаўы астына алынбақта. Бул, биринши гезекте, халықтың мәплери, инсан ҳуқықларына итибар берилмекте, дегени. Қурылыс тараўын тәртипке салыў, жоқарыдағы сыяқлы кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде тараўда халықаралық тәжирийбеде сынақтан өткен эскроу системасы жолға қойылмақта. Оған Президентимиздиң усы жыл 27-январьдағы "Турақ жай қурылысы тараўын буннан былай да раўажландырыў, турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлерди үлеске тийкарланған қурыў процесин тәртипке салыў механизмлерин жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди. Бул системада қурылысшыдан жай сатып алмақшы болған пуқараның басланғыш ҳәм айлық төлеми коммерциялық банклердеги эскроу есап бетлеринде сақланады. Бул қаржылардан қурылысшы да, пуқара да, банк те пайдалана алмайды. Онда физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеў нәзерде тутылған. Қалаберди, турақ жайларды үлеске киргизиў ҳәм ипотека кредити тийкарында сатып алыўдың исенимли ҳәм нәтийжели имканиятлары жаратылмақта.

    Қурылыс жумыслары болса қурылысшының өз қаржысы ямаса банктен алынған кредит есабынан әмелге асырылады. Қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан соң депозит есабындағы қаржы қарыйдардың разылығы менен қурылысшының кредитин төлеў ушын жумсалады ҳәм қалған муғдары қурылысшының есабына өткерип бериледи. Бир сөз бенен айтқанда, ҳәммеси қамырдан қыл суўырғандай әпиўайы ҳәм аңсат, ең әҳмийетлиси, исенимли, ашық-айдын түрде әмелге асырылады.

    Жаңа система тараўда ҳеш қандай жасырын, қылўа жумыс болыўына жол қоймайды. Қарыйдардың барлық ҳуқықларының тәмийинлениўи толық қадағалаў астында болады.

    Президентимиздиң пәрманы менен жолға қойылып атырған жаңа система бойынша қурылыс шөлкемлери қурылыстың басланыўынан жуўмағына шекем, бирақ көби менен 12 ай даўамында жер салығын төлеўден азат етиледи. Қурылыс өз ўақтында жуўмақланбаған жағдайда болса еки есе көп салық төлеўге мәжбүр болады. Бир сөз бенен айтқанда, енди қурылыс тараўына "адасып киргенлер" ислеўи қыйын. Бул жерде тек ғана өз исиниң жетик қәнигелери жумыс алып барады. Айтады ғой, "Шымшық сойса да, қассап сойсын", деп.

    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates