Сондай-ақ, халыққа тийисли қыйтақ жерлерде, хожалықлардың ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың алдыларында, мәҳәллелердиң ишки көшелеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм көбейтиў арқалы мәмлекеттиң экспорт көрсеткишлерин арттырыў мақсетинде ўазыйпалар да белгиленди.
Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди шөлкемлестириў бойынша Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигине атыз шетлеринде ҳәм халыққа тийисли қыйтақ жерлеринде, хожалықлар ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың алды, мәҳәллениң ишки көшелеринде өним жетистириў, аўыл хожалығы субъектлерине туқым ҳәм нәллерди жеткериў, жетистирилген өнимлерди экспортқа бағдарлаўды шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди.
Бул қарардан келип шыққан усы ҳәм басқа да ўазыйпаларды, сондай-ақ, «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жумысшы топар баслығы – Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң директоры И.Эргашевтиң басшылығында Хожели районындағы Саманкөл, Қумжыққын, Әмиўдәрья ҳәм Күн нуры мәҳәллелериниң турғынлары ушын көргизбели семинар шөлкемлестирилди.
Семинарға район ҳәкими Ж.Ермашев, тийисли тараўлар қәнигелери, мәҳәлле жетилиги ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.
Сөзге шыққанлар “Бир мәҳәлле – бир өним” принципи тийкарында экспортқа қолайлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, кептириў, ыссыханалардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм сол арқалы халықтың дәраматларын арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Бул жумысларды баслап жибериў мақсетинде бириктирилген ўәкил И.Эргашев тәрепинен аймақ турғынларына жақыннан жәрдем көрсетиў мақсетинде, мәўсим даўамында жәми 100 мың түп шийе нәллерин жеткерип бериў режелестирилген болып, усы күнниң өзинде 10 мың түп шийе нәллери, бел, кетпен, шелек ҳәм басқа да мийнет қураллары бийпул тарқатылды.
Буннан соң нәллерди дурыс егиў ҳәм тәрбиялаў бойынша кɵргизбели семинар өткерилип, усыллары түсиндирилип, аймақ турғынларының қатнасыўында жақсы нийет пенен нәллер отырғызылды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.